Усы жылы 3-июнь күни Нөкис қаласындағы  Амфитеатрда қол урысының  R1 бағдары бойынша профессионал спортшылар арасында халықаралық  турнир болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен халықаралық қол урысы федерациясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы қол урысы федерациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген жарыста  Россия, Германия, Беларусь, Әзербайжан, Молдова, Тәжикстан ҳәм мәмлекетимиздиң спортшылары өзлериниң шеберликлерин көретти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев, халықаралық қол урысы федерациясының Президенти Астахов Сергей Александрович ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде спортты, соның ишинде, жекпе-жек гүрес түрлерин раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Жарысты 48 кг салмақтағы жас спортшылар баслап берди. Онда А.Аҳадов (Ферғана) ҳәм Е.Айбеков (Нөкис) арасындағы беллесиўде қарақалпақстанлы Е.Айбековтың қолы бәлент келди. Буннан соң  57 кг (ярым жеңил) салмақта З.Абдурахманов (Әзербайжан) ҳәм  және бир қарақалпақстанлы  И.Абдреймовтың ушырасыўында майдан ийеси жеңиске еристи.. 62 кг (жеңил)салмақ категориясында россиялы Т.Токарев ҳәм мәмлекетимиз спортшысы  Ш.Турсунов арасындағы беллесиўде бираз тәжирийбеге ийе болған россиялы спортшыға әўмет күлип бақты.

67 кг салмақ категориясында германиялы Ник Шанлер ҳәм мәмлекетимиз ўәкили Х.Сатторов, 80 кг салмақ категориясында тәжикстанлы У.Усмонов ҳәм қарақалпақстанлы Н.Ситмуратовлардың ушырасыўында мәмлекетимиздиң спортшылары шырайлы жеңиске еристи.

Жарысты 88 кг ҳәм  97 кг салмақ категорияларындағы спортшылар жуўмақлап берди. 88 кг салмақ категориясында беларуссиялы Д.Гвоздев ҳәм мәмлекетимиз ўәкили Ж.Раҳмоналиев,  97 кг салмақ категориясындағы беллесиўде Молдова ўәкили Д.Чакуста ҳәм тәжирийбели спортшыларымыздан бири  қарақалпақстанлы Б.Хожабековлар рингке көтерилди. Ҳәр еки ушырасыўда да спортшыларымыз жеңиске еристи.


Жарыс жеңимпазлары ҳәм қатнасыўшыларына 3000, 2000 ҳәм 1000 АҚШ доллары муғдарындағы сыйлық, сондай-ақ тренерлер менен шөлкемлестириўшилерге естелик саўғалары тапсырылды.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги