2-июнь күни Аргентинада өткерилип атырған футбол бойынша жаслар арасындағы жәҳән чемпионатының 1/8 финал ойынлары жуўмақланды.

Онда Уругвай жаслары Гамбия сайланды командасы үстинен 1:0 есабында жеңиске ерискен болса, Эквадор болса, Қубла Корея сайланды командасына 2:3 жеңилип қалды.

Солай етип, шерек финалға шыққан 8 команда атлары мәлим болды. , Өзбекстан сайланды командасын жеңип шыққан Израил сайланды командасы 3-июнь күни бразилиялы жаслар менен ушырасса,  Колумбия жаслары Италия менен өз-ара күш сынасады.

4-июнь күни болса, Қубла Корея Нигерия менен, АҚШ Уругвай менен ярым финал жолламасы ушын гүрес алып барады.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы