Кеше Венгрия пайтахты Будапешт қаласындағы «Ференц Пушкаш» стадионында футбол бойынша Европа Лигасының финал ойыны болып өтти.
130 минуттан аслам даўам еткен ушырасыўдың 35-минутында Пауло Дибала римлилерди есапта алдынға алып шыққан болса, 55-минутта Жанлука Манчини өз дәрўазасына гол урып, «Севилья» командасында жаңа үмит ушқынларын оятты.
Ойынның қалған минутлары ҳәм оған қосып берилген қосымша таймларда есап өзгермеди ҳәм нәўбет пенальтилер сериясына берилди.
Пенальтилерди дәрўазаға тебиўде болса, быйыл Испания Ла Лигасында әўметсиз қатнасқан «Севилья» клубы футболшыларына әўмет күлип бақты ҳәм Европа Лигасы кубогиниң ийесине айланды. Есап 4:2.
Соны да айтып өтиўимиз керек, оғада кескин жағдайда өткен ойында 13 футболшы ҳәм Жозе Моуринью сары картошка менен жазаланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы