Евроаўқам 31-май күни Армения бас министри Никол Пашинян, Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев, Франция ҳәм Германия жетекшилери Эммануэль Макрон ҳәм Олаф Шольц сондай-ақ, Еврокомиссия басшысы Шарль Мишельдиң қатнасыўында «үлкен ушырасыў» режелестирмекте. Ушырасыў Кишинёвта болып өтетуғын Европа сиясий саммити шеңберинде болып өтеди. Шийшемби күни Европа Аўқамының жоқары лаўазымлы ўәкили Брюсселде журналистлер менен өткерилген ушырасыўда усы ҳаққында мәлим еткен.
«Мен соны тастыйықлаўым мүмкин, ертең Армения ҳәм Әзербайжан жетекшилери сондай-ақ, Президент Макрон ҳәм Канцлер Шольцтың қатнасыўында үлкен ушырасыў болады. Бул биз ушын үлкен жумыс ҳәм оған айрықша таярлық көрмектемиз»,-деген ол.
ӨзА