Нөкис қаласында өткерилип атырған дзюдо бойынша ересеклер арасындағы Өзбекстан кубоги беллесиўлериниң үшинши күнинде қарақалпақстанлы спортшылар 4 қола медалын жеңип алды.

Атап айтатуғын болсақ, -100 кг салмақ категориясында Ерназар Сәрсенбаев, +100 кг да Элёр Машарипов,  қызлар арасында -70 кг да Шахсәнем Аманиязова, -78 кг да Айзада Абулқасымовалар қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.




Ал, ерлер арасында -90 кг, қызлар арасында  +78 кг салмақ категорияларында өткерилген беллесиўлерде тилекке қарсы республикамыз палўанлары ҳеш бир сыйлы орынды ийелей алмады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы