Нөкис қаласы ҳәкимлигинде өткерилген баспасөз конференциясында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел түрде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында аймақта әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарлар ҳәм усы бағдарда алып барылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, Нөкис қаласында 2023-жылдың төрт айы даўамында 11 жойбар иске түсирилип, 124 жумыс орны жаратылды ҳәм реже 130 процентке орынланған. Президентимиздиң пәрманы тийкарында 13 жойбарға 27 миллиард 563 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратылған. Ал, «Аймақларда исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў механизмлерин және де кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында бүгинги күнде 12 жойбар иске түсирилип, 111 жумыс орны жаратылған. 39 миллиард 313 миллион сум инвестициялар өзлестирилди. Усы қарар тийкарында 29 жойбарға 44 миллиард 572 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылған.

Ал, 2023-2024-жылларда болса, жәми 1 триллион 890 миллиард 874 миллион сумлық 232 жойбар, атап айтқанда, хызмет көрсетиўди раўажландырыў бойынша 171, санаатты  раўажландырыў бойынша 59, аўыл-хожалығын раўажландырыў бойынша 2 жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген. Нәтийжеде 2 мың 933 жаңа жумыс орнының жаратылыўы күтилмекте.

– Жоқарыда атап өтилген пәрманның орынланыўы шеңберинде улыўма нырқы 568 миллиард сумға тең болған 156 жойбар ислеп шығылып, тастыйықланған, -дейди қала ҳәкиминиң орынбасары – Инвестициялар, санаат ҳәм саўда бөлиминиң баслығы Одилбек Ойбеков.

Оған бола, 995 бос жумыс орнының жаратылыўы нәзерде тутылған. Буннан тысқары, қала аймағында Президентимиздиң 2022-жыл 19-апрельдеги «Аймақларда исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў механизмлерин және де кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында  улыўма баҳасы 151,7 миллиард сумлық 49 жойбар әмелге асырылып, 268 жумыс орнының жаратылыўы режелестирилген.

Сондай-ақ, тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм кредитлерин тартыў бағдарында быйылғы жылы «JTM Tex Prom» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 27 миллион АҚШ доллары муғдарында синтетикалық материал өндириси ҳәм «Зелёные растения извлечь» ЖШЖ тәрепинен 1,7 миллион АҚШ доллары муғдарында боян-тамырдан экстракт өндириси жойбарларын әмелге асырыў ушын сырт ел инвестицияларын өзлестириў режелестирилген. «Geo teks Productions» ЖШЖ тәрепинен штапел талшығы ҳәм геотекстиль материаллары өндириси жойбарын әмелге асырыў ушын 39,2 миллион АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестицияларын киргизиў режелестирилген.

2023-жыл январь-апрель айларында 2 миллион 249 мың АҚШ доллары муғдарында өнимлер экспортқа шығарылыўы режелестирилип, жәми 1 миллион 390 мың долларлық өнимлердиң экспорты әмелге асырылып, реже 62 процентке орынланған.

Баспасөз конференциясында қатнасқан журналистлер ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы