Кеше Финляндия ҳәм Латвия стадионларында өткерилген шайбалы хоккей бойынша жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти.
Финляндияның Тампере қаласындағы «Нокиа-Арена» стадионында болып өткен финал ойынында канадалы хоккейшилер Германия сайланды командасын 5:2 есабында жеңип шығып, хоккей тарийхында жәҳән чемпионлығын қолға киргизиў бойынша жаңа рекорд орнатыўға миясар болды.
Буннан алдын Россия ҳәм Канада сайланды командалары 27 мәртеден жәҳән чемпионлығын қолға киргизген еди. Канаданың кешеги жеңиси болса, 28-чемпионлық болып есапланады.
Ал, чемпионаттың қола медалы ушын болған ушырасыўда болса, Латвия сайланды командасы АҚШты овертаймларда 4:3 есабында жеңип шығып, 3-орын ийесине айланды.
Турнирдиң «Ең жақсы дәрўазаманы» сыпатында латвиялы Артур Шилов, «Ең жақсы қорғаўшы» канадалы хоккейши Маккензи Уигер, «Ең жақсы ҳүжимши» германиялы Джон-Джейсон Петеркалар деп табылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы