Қараөзек районында «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» ушын спорттың үлкен ҳәм киши-футбол түри бойынша өткерилген жарыс өз жуўмағына жетти.

Онда спорттың киши футбол түринен қызлар арасында 1-орынды академик С.Камалов, 2-орынды Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны, 3-орынды Ата мәкан МПЖ командалары ийелеген болса, ерлер командалары арасында 1-орынды Ата мәкан МПЖ, 2-орынды Қараөзек ППЖ ҳәм 3-орынды Бердақ АПЖ командалары ийелеўге миясар болды.

Ал, футбол түринен болса, 1-орынды Мәденият, 2-орынды академик С.Камалов, 3-орынды Есим  елатының командалары қолға киргизди.

Жарыс жуўмағында  жеңимпаз командаларды район ҳәкими У.Утамбетов, Мәмлекетлик Қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Тахтакөпир районлық бөлими хызметкерлери қутлықлады ҳәм жеңимпаз командаларға қымбат баҳалы саўғаларды салтанатлы жағдайда тапсырды.







Жарыс  районлық мәденият бөлиминиң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы