Бүгин жәмийетимиздиң барлық тараўлары сыяқлы бажыхана тараўында да әмелге асырылып атырған реформалар өз нәтийжесин бермекте. Соның ишинде, сырқы саўда жүклериниң бажыхана рәсмийлестириўи ҳәм бажыхана қадағалаўы әпиўайыластырылмақта, исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы шараят жаратылмақта.

Соның нәтийжесинде мәмлекетимиздиң сыртқы саўда айланысының көлеми артып, мәмлекет бюджетине түсирилетуғын дәраматлар баҳасы да кепилленбекте. Тек ғана Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен усы жылдың январь-апрель айлары даўамында өзиниң фискаль ўазыйпаларын орынлаў шеңберинде бажыхана төлемлеринен мәмлекет бюджетине дерлик 133 миллиард сум муғдарындағы пул қаржысы өткерилиўи тәмийинленген болып, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 107,5 процентке артты.

Ҳүкимет қарарлары тийкарында исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде берилген жеңилликлер шеңберинде басқарма тәрепинен есап бериў дәўиринде дерлик 224,3 миллиард сум муғдарында бажыхана төлеминен жеңиллик ҳәм преференциялар қолланылған.

Буннан тысқары, усы жылдың басынан дәслепки төрт ай даўамында басқарманың жуўмақлары тийкарында жәми 10 шөлкемге 96 миллиард сум муғдарындағы бажыхана төлемин кешиктирип төлеўге руқсат берилди. Бул болса, өз гезегинде исбилерменлик субъектлериниң аўырын жеңиллетип, өз жумысын жолға қойып алыўында ҳәм халыққа жаңа жумыс орынлары жаратылыўында айрықша қолайлық жаратпақта.

2023-жылдың дәслепки 4 айының жуўмағына бола, Қарақалпақстан Республикасы бойынша товарлардың сыртқы саўда айланысы 181,7 миллион АҚШ долларын қурады. Соннан, 93,9 миллион АҚШ доллары қунындағы товар экспорты әмелге асырылған болса, импорт товарлардың үлеси 48,3 процентке тең болды.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, есап бериў дәўиринде басқармы СЭЖ ҳәм МЭД постлары арқалы экспорт етилген товарлардың тийкарғы үлеси пластмассадан исленген буйымлар, ийирилген жип, фармацевтика, химия санааты өнимлери, тоқымашылық өнимлери, артемия цистасы, жүн, тери ҳәм олардан таярланған буйымлар ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине туўра келеди. Товарлар импортында болса металлар ҳәм олардан таярланған буйымлар, ағаш ҳәм тахтай өнимлери, транспорт ҳәм оның аўысық бөлеклери, технологиялық әсбап-үскенелер, нефть, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм химия санааты өнимлери, электротехника ҳәм оның бөлеклери жетекшилик етпекте.

Мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери тийкарынан Россия, Қытай, Қазақстан, Беларусь, Түркия, Корея, Германия, Түркменстан ҳәм басқа да мәмлекетлер менен өз-ара саўда-сатық қатнасықларын жолға қойған.

2023-жылдың январь-апрель айлары даўамында басқарманың Аралықтан электрон декларациялаў (АЭД) бажыхана посты тәрепинен жәми 6 мың бажыхана жүк декларациясы рәсмийлестирилген болып, соннан экспортқа рәсмийлестирилгени 3657 ни ямаса 60 процентти қурайды. Яғный, бул дәўирде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы қарамағындағы бажыхана постлары арқалы ҳәрекетленген сыртқы саўда жүклериниң дерлик 89 проценти бажыхана тексериўинен өткерилмеген яки әпиўайыластырылған бажыхана қадағалаўынан өткерилген болып, тек ғана 11 процент жүкке бажыхана тексериўи әмелге асырылған.

Жаратылған шараятларға қарамастан, бажыхана төлемлеринен бас тартыў, бажыхана хызметкерлериниң көзлерин «байлаў» ға урынып, бажыхана шегаралары арқалы нызамсыз товар материаллық байлықларды алып өтиўге ҳәрекет етиў жағдайлары тоқтамай атыр. Бирақ, бундай барлық нызамсыз ҳәрекетлерге күни-түни шегараларымызда сергек бажыханашылар тәрепинен өз ўақтында шек қойылмақта.

Қарақалпақстанлы бажыханашылар тәрепинен усы жылдың январь-апрель айларында жәми 204 жағдайда баҳасы 5 миллиард сумлық товар-материаллық байлық ҳуқықбузарлық қуралы сыпатында иркип қалынды. Соның ишинде, есап бериў дәўиринде жәми баҳасы 166,1 миллион сумлық 1210 литр сапасы кепилленбеген спирт ҳәм қолдан жасалма түрде таярланған алкоголь ишимликлериниң нызамсыз айланысы менен байланыслы жағдайларға шек қойылды. Сондай-ақ, 9 жағдайда 639,48 гр нәшебентлик элементи, 400 «Баклосан» ҳәм «Баклофен» психотроп қуралы, күшли тәсир етиўши элементлерден 43 «регапен», 24 флакон «Тропикамид» дәри қуралы нызамсыз айланыстан алынды.


Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги