Қарар ҳәм оның орынланыўы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында Нөкис районында да орынланыўы тийис бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

Буны биз райондағы Саманбай АПЖ, Төк таў МПЖ да әмелге асырылып атырған жумыслар мысалында көриўимизге болады.

Қарар тийкарында Саманбай АПЖ ның Тарлы аўылындағы топырақ  жолларға  қум-шағыл тас араласпаларын төcеў жумыслары әмелге асырылды. Усы мақсетте аўылға 1 миллиард 796 миллион cумлық қаржы ажыратылып, аўылдың 13  километрлик ишки көшелерине қум-шағыл  тас араласпасы төселди. Ал, Қутанкол мәкан пуқаралар жыйнында 7,6 километрлик, Мақсым қала аўылында 3,19 километрлик жолға қум-шағыл тас араласпалары төселип, тегислеў жумыслары алып барылған.

–  Ҳәзирги күнде қала менен аўылдың өзгешелиги қалмай атыр. Аўылымызға газ тартылып, қуўанып атырмыз. Келинлеримиз отын жағыўдан қутылды. Қыста қыйналмайтуғын болдық. Бул ушын басшыларымыздан миннетдармыз,-дейди Төктаў МПЖ турғыны П.Қурбанов.

Сондай-ақ, Арбашы АПЖ, Төк-таў МПЖ  дыққаттан шетте қалған жоқ. Бул жерлерде де, газ басымының төменлиги, газ трубаларының насазлығы көп айтылатуғын еди. Усы мәселелер де тараў қәнигелери тәрепинен үйренилип, қурылыс, оңлаў жумыслары алып барылып, унамлы шешип берилди. Буннан аўыл турғынлары миннетдар.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Әсем Есенгелдиева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, Мәлимлеме хызмети тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги