Бүгин Мойнақ районында “Rally Muynak – 2023” авторалли бойынша Өзбекстан чемпионатының салтанатлы ашылыў мәресими болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда мәмлекетимиздиң барлық жерлеринен сондай-ақ, Қазақстан Республикасынан 120 дан аслам автомотоспорт шебери қатнаспақта.

Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Туризм ҳәм мәдений мийрас министри Р.Зарикеев, “Ватанпарвар” шөлкеми республика техникалық ҳәм әмелий спорт түрлери орайының бас директоры А.Қурбаниязов шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Буннан кейин жарысларға старт берилди. Дәслеп двигател көлеми 1600 см3ге шекемги “А-8” ҳәм двигател көлеми 2000 см3ге шекемги “А-9” класлары бойынша автомашиналардың жарысы басланды. Бүгин сондай-ақ, двигател көлеми 2000 см3ге шекемги болған “Багги” ҳәм двигатель көлеми 125 см3ге шекемги ҳәм 500 см3ге шекемги мотоцикллере де старт бериледи.























Жарыс жеңимпазлары 28-май күни анықланады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери