Аргентинада өткерилип атырған жаслар арасындағы футбол бойынша жәҳән чемпионатында E ҳәм F топарларында 2-тур ойынлары болып өтти.

«E» топарында болып өткен Англия ҳәм Уругвай сайланды командалары арасындағы ойында «футбол Ўатаны»нан келген жаслар 3:2 есабында жеңиске ерискен болса, Ирак ҳәм Тунис сайланды командалары арасындағы ойында африкалы футболшылардың қолы бәлент келди.

«F» топарында өз ойынын баслаған Франция сайланды командасы күтилмегенде және бир мәрте жеңилиске ушырап, жәҳән чемпионатының келеси басқышына шығыў имканиятынан айырылды.  Гамбия-Франция 2:1.

1-турда Францияны жеңип шығыўға ерискен Қубла Корея сайланды командасы Гондурас пенен теңбе-тең ойнап өз есабын 4 упайға жеткерди.

Бул топарда Гамбия 6 упай менен 1-орынды ийелеп тур. 2-3-орынларда  Қубла Корея ҳәм Гондурас жайласқан. Франция есабында болса, ҳәзирше упай жоқ.

«Е» топарында болса, Англия сайланды командасы 2-турдан соң 6 упай менен топарда жетекшилик етип келмекте. Уругвай ҳәм Тунис сайланды командаларында болса, 3 упайдан бар.

Ираклы футболшылар болса, екинши жеңилистен соң келеси басқышқа шығыў имканиятын қолдан шығарды десекте болады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы