Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ҳаял-қызлардан ибарат студентлер арасында миллий ойынларды раўажландырыўға арналған фестиваль өткерилди.
Фестивальда тийкарынан миллий ойынларымыз болып есапланған арқан тартыс, теппек, бекташ, ақ терекпе-көк терек ойынларының әҳмийети бойынша мәселелер додаланды.
Онда шығып сөйлеген қәнигелер, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған усы миллий ойынларды және де раўажландырыўдың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтип, пикир-усыныслар билдирилди.
Илажда қатнасқан студент ҳаял-қызлар жеке тәртипте ҳәм командаларға бөлинген ҳалда усы ойынларды ойнап, өз-ара күш сынасты. Ойын даўамында анықланған жеңимпазлар хошаметленип барылды.
– Бул фестивальдың мақсети ҳаял-қызларымызды миллий ойынлар арқалы саламат турмысқа таярлаў ҳәм қәдриятларымызды еске алыў болып есапланады,-дейди илажға қатнасыўшы студентлердиң бири Элмира Сәдетова. – Бул фестивальда мен қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң атынан қатнастым.
Онда унверситетимизден химия, физика, биология, қурылыс, архитектура, юридика, математика, тарийх, денетәрбия, шет тиллер факультетинен студент-қызлар қатнасты ҳәм бул фестиваль жүдә қызықлы өтти.
Әсем Есенгелдиева,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, Мәлимлеме хызмети тәлим бағдарының 1-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги