Россиядағы кризис Орайлық Азия мәмлекетлеринде экономикалық өсиў пәтлерин күтилип атырған төменлеўине алып келмеди. Бул ҳаққында Халықаралық валюта фонды аналитиклери тәрепинен жәрияланған мақалада келтирилген.
Жазылыўына бола, Орайлық Азия мәмлекетлери экономикасы Украинадағы урыстың унамсыз ақыбетлерине шыдамлы екенлигин тастыйықлады.
“Керисинше, региондағы көпшилик мәмлекетлер күтилмеген унамлы сыртқы тәсирлер себепли сезилерли өсиў пәтлерин бастан өткерди”, делинеди фонд мақаласында.
Келтирилиўине қарағанда, Россиядан пул өткермелериниң кескин өсиўи ҳәм россиялы мигрантлар ағымы регионның көпшилик мәмлекетлери хызмет көрсетиў тараўын қоллап-қуўатлаған.
Фонд экономистлериниң пикирине бола, Украинада урыс басланғаннан берли саўда жолларындағы өзгерислер ҳәм басқа логистика қыйыншылықларына бейимлесиў региондағы айырым мәмлекетлердиң (Тәжикистан ҳәм Өзбекстан) Россия менен өз-ара саўда көлеми артыўына алып келген.
Экономистлер регион мәмлекетлери ушын 2023-жылға мөлшерленген экономикалық өсиў прогнозын алдынғы 5,0 проценттен 5,2 процентке аттырған.
Европада тиклениў ҳәм раўажланыў банки қәнигелериниң пикирине бола, 2024-жылы кәрханалар ҳәм физикалық тәреплердиӊ Россиядан көширилиўи, басқарыўды жақсылаў, экспорт көлемин арттырыў ҳәм пандемиядан кейин Қытайдың “ашылыўы” есабынан 5,4 процентке шекем өсиў даўам етеди.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги