Баскетбол бойынша Евролиганың 2022/23-жылғы мәўсими өз жуўмағына жетти.

Литваның Каунас қаласында өткерилген финал ойынында Испанияның «Реал Мадрид» клубы Грецияның «Олимпиакос» командасы баскетболшыларын 79:78 есабында жеңип шығыўға еристи.

Қызықлы тәрепи сонда, ойынның тамамланыўына санаўлы секундлар қалғанға  шекем Греция клубы есапта алдында еди. Бирақ, ойын тамамланыўына 3 секунд қалғанда «Реал» клубы баскетболшылары 2 упайлық топты себетке анық жоллап, жеңисти қолға киргизиўге миясар болды.

Солай етип, испан клубы өз тарийхында 11-мәрте Евролига жеңимпазына айланды.

Ал, 3-орын ушын болған ойында «Барселона» клубы  «Монако»ға 66:78 есабында жеңилип қалды.

Мағлыўмат ушын айтар болсақ, «Реал Мадрид»  буннан алдын 1964, 1965, 1967, 1968, 1974, 1978, 1980, 1995, 2015 ҳәм 2018-жылларда усы турнир жеңимпазына айланған еди.

Евролигада жеңисти қолға киргизиў бойынша «Реал»дан кейинги орынларда  «ЦСКА Москва»  (8), «Маккаби Тель-Авив», «Панатинаикос» (6 мәртеден) ҳәм  «Варезе»  (5) клублары ийелеп тур.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы