Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Сизлер менен көрисип турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Кәсиплеслеримниң пикирлерине қосылған ҳалда, мырза Баслық Си Цзиньпинге  «Орайлық Азия – Қытай» форматындағы биринши жүзбе-жүз ушырасыўды өткериў басламасы сондай-ақ, дәстүрий жыллы ҳәм қызғын қабыллағаны ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Сизди әҳмийетли сиясий илажлардың табыслы өткерилгени ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы лаўазымына қайта сайланғаныңыз мүнәсибети менен шын кеўилден қутлықлайман.

Қытай басшысына дүньяның ең әййемги қалаларынан бири, уллы империя пайтахты болған гөззал Сианьда бүгинги ушырасыўымызды шөлкемлестиргени ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Ири илимий, мәдений ҳәм экономикалық орай болған бул қала көп әсирлер даўамында пүткил Евроазия континентинде цивилизациялық раўажланыў, өз-ара байланыслылық ҳәм раўажланыўға мүнәсип үлес қосқан Уллы жипек жолына тырнақ тасы қойылған уллы дәргай болып есапланады.

«Бир мәкан ҳәм бир жол» басламасына он жыл толатуғын быйылғы жылы мине, усы жерде – Шығыста даңққа ерискен Чанъанда биз усы ийгиликли дәстүрлерди тиклеп, мәмлекетлеримиздиң жаңа дәўирдеги улыўмалық раўажланыўы ушын беккем тийкар қойып атырғанымыздан қуўанышлыман.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Бүгинги қурамалы халықаралық жағдайда бизиң саммитимиз айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Мәмлекетлеримиз пандемия сынақларын жеңип өтип, глобал көлемде исеним кризисиниң унамсыз ақыбетлерине ушырады. Әсиресе, Орайлық Азия ушын әҳмийетли болған әдеттеги транспорт-логистика шынжырларында сезилерли үзилислер, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги ушын қәўип-қәтерлер, инфляция импортының өсип баратырғаны артынан социаллық кескинлик қәўип-қәтерлери ҳәм басқа да машқалалар бизден және де тығыз муўапықласыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди талап етпекте.

Кәсиплеслеримниң мазмунлы шығып сөйлеўлери ҳәм олардың бирге ислесиўге исенимли таяр екенлиги региондағы түпкиликли өзгерислерден дәрек береди.

Бүгин Орайлық Азия пүткиллей жаңа – жәмлескен ҳәм күшли, қарым-қатнас ҳәм кең көлемдеги шериклик ушын ашық регион болып есапланады.

Өткен жылы биз регион мәмлекетлери ҳәм Қытай арасында дипломатиялық қатнасықлардың отыз жыллығын биргеликте белгиледик. Исеним, ҳүрмет ҳәм бир-бириниң мәплерин есапқа алыўға тийкарланған бирге ислесиўге еристик. Өз-ара өним алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми жүзлеген есеге артты, бизнес кооперациясы ҳәм гуманитарлық алмасыўлар тараўында үлкен тәжирийбе арттырдық.

Соған айрықша итибар берип айтпақшыман: бизиң мәмлекетлеримиз – Қытайдың «Ян-гуань өткели артында»ғы ўақыт сынақларынан өткен ҳақыйқый дослар болып табылады.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Биз бүгинги мәжилис күн тәртибиндеги мәселелерди ҳәм Сиань декларациясының тийкарғы бәнтлерин қоллап-қуўатлаймыз. Бүгин алға қойылып атырған баслама ҳәм усыныслар әлбетте, әмелге асырылады, деп исенемен.

Усы мәниде, регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша нәтийжели шериклик механимзлерин қәлиплестириў зәрүр екенлиги ҳаққындағы пикирлерге толық қосыламан. Бул жерде сөз, биринши гезекте, саўда, инвестициялар, транспорт, гуманитарлық байланыслар ҳаққында бармақта.

Соның менен бирге, келеси он жыллықларға мөлшерленген көп тәреплемели бирге ислесиўдиң узақ мүддетли күн тәртибин, келешек ушын реже ҳәм ўазыйпаларды ислеп шығыў принципиал жақтан әҳмийетли, деп есаплайман.

Мениңше, мәмлекетлеримизде жетекши «ақыл орайлары»ның биргеликтеги жумысын жолға қойыўға айрықша итибар қаратыў талап етиледи. Таллаў институтлары, илимпаз ҳәм қәнигелер стратегиялық көзқараслар, комплексли усыныс ҳәм қарарлар, регионаллық ҳәм глобал көлемде түпкиликли бурылыс жасайтуғын жойбарларды ислеп шығыўы керек.

Келеси жылы Самарқандта миллий стратегияларымызды үйлестириў мәселелери бойынша биринши Халықаралық экспертлер конференциясын өткериўге ҳәм пикир алысыў майданын усыныўға таярмыз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Регионанллық бирге ислесиў менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелер бойынша бизиң көз қарасларымызға айрықша тоқтап өтпекшимен.

Бәринен бурын, бул – мәмлекетлеримиз ҳәм пүткил регионның турақлы раўажланыўы ушын зәрүр шараятларды қәлиплестириўден ибарат. Бул мәселеде биз халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы нәтийжели гүресиўге баслы әҳмийет беремиз.

Усы мәниде, тийисли миллий бағдарламаларды әмелге асырыўда Қытайдың алдыңғы тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланған ҳалда, тек ғана соңғы бир жылда бир миллионнан артық пуқараларымызды жәрдемге мүтәжлер категориясынан шығарыўға еристик.

Биз кеше ҳүрметли Қытай Халық Республикасының Баслығы менен Глобал раўажланыў басламаларының бас мақсетине ерисиў ушын биргеликтеги жумысларымызды даўам еттириўге келисип алдық.

Халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм аймақларды, бәринен бурын, аўыл районларын раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленген биргеликтеги бағдарламаны қабыллаў ҳәм әмелге асырыў халықларымыз тәрепинен қоллап-қуўатланатуғынына ҳәм  бул 2030-жылға шекемги Күн тәртибиндеги мақсетлерге ерисиў жолында улыўмалық үлесимиз болатуғынына исенемен.

Биз жаңа экономикалық қарым-қатнасты қәлиплестириў ҳәм мәмлекетлеримиздиң өз-ара байланыслылығын күшейтиў тәрепдарымыз.

Регион еллери тәрепинен 2030-жылға шекем Қытай менен товар айланысы көлемин еки есеге арттырыўға арқайын ерисиў мүмкин, деп есаплаймыз. Оған биринши гезекте санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин өз-ара жеткерип бериўдиң турақлы артып барыўы, нәтийжели саўда-логистика инфраструктуралары ҳәм заманагөй көтере-бөлистириў тармақларын қәлиплестириў, «жасыл» ҳәм экспресс-коридорлар системасын енгизиў, электрон коммерцияның улыўмалық платформасын жаратыў есабынан ерисиледи.

Мәмлекетлеримизде экспорт ҳәм импорт көргизбелери, бизнес ҳәм инвестиция форумларын ҳәр жылы өткерип барыў, Орайлық Азия ҳәм Қытай Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтемиз.

Қолайлы шараятлар ҳәм зәрүр ҳуқықый тийкарларды қәлиплестириў ушын Өз-ара саўдаға жәрдемлесиў ҳәм инвестицияларды хошаметлеў ҳаққында көп тәреплеме келисимди қабыллаў имканиятын көрип шығыўды усыныс етемиз.

Санаат кооперациясын тереңлестириў, санлы технологияларды тартыў ҳәм инновацияларды, әсиресе, аўыл хожалығына кеңнен енгизиў мәселелери Қытайдың провинциялары менен тиккелей аймақлар аралық байланыслар арқалы нәтийжели шешилиўи мүмкин.

Әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў, дослық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў ушын усы жылы Өзбекстанда мәмлекетлеримиз қалалары ҳәм регионларының форумы ҳәм көргизбесин өткериўди усыныс етемен.

Қәўипсиз, қысқа ҳәм қолайлы транспорт коридорларын раўажландырыў стратегиялық әҳмийетке ийе. Олар Қытайды регионымыз бенен байланыстыратуғын, Европа, Жақын Шығыс ҳәм Африкаға алып шығыў имканиятын береди.

Транс-Евроазия магистралы Уллы жипек жолын тиклеў бойынша тийкарғы жойбар болып есапланады. Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан автомобиль ҳәм темир жолы бул магистральдың әҳмийетли қурамлық буўыны болып есапланады. Қытай ҳәм қырғыз шериклеримиз бенен биргеликте биз бул бойынша әмелий жумыслар басқышына өтпектемиз.

Келешекте бул жойбардың әмелге асырылыўы ҳәм Трансаўған коридорының қурылысы «Бир мәкан ҳәм бир жол» басламасы шеңберинде Қытайды Қубла Азия мәмлекетлери менен қолайлы жоллары арқалы байланыстырыў имканиятын береди.

Сондай-ақ, транспорт коммуникацияларын раўажландырыў бойынша миллий бағдарламалардың сәйкеслигин тәмийинлеў ҳәм сол тийкарда узақ мүддетке мөлшерленген бирден-бир стратегияны ислеп шығыўды биринши гезектеги ўазыйпа, деп есаплаймыз.

Климат өзгериўи ҳәм «жасыл энергетика» мәселелери бойынша бирге ислесиўге айрықша итибар қаратыўды усыныс етемен.

Тилекке қарсы, Орайлық Азиядағы энергетика инфраструктураларын раўажландырыў пәтлери санаатласыў ҳәм урбанизациялаў процесслеринен, сондай-ақ, халықтың өсиўинен артта қалмақта. Бул болса мәмлекетлеримиздиң узақ мүддетли турақлы раўажланыўы ушын ҳақыйқатында да аўыр қәўип болып есапланады.

Қытайдың қуяш, самал ҳәм гидро-энергетика, сондай-ақ, жойбарларды қоллап-қуўатлаўдың қаржы механизмлери тараўында технологиялық жақтан жетекши екенин есапқа алып, қолайлы энергетика бойынша тығыз илимий-әмелий шерикликти кеңейтиў зәрүр, деп есаплаймыз.

Аралбойындағы экологиялық машқалаларды шешиў, био ҳәртүрлиликти қорғаў, музлықлар ҳәм топырақ зүрәәтлигин сақлаў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўде де нәтийжели бирге ислесиўге таярмыз.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылар!

Биз турақлылық ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша регионаллық қарым-қатнастың ҳәзирги дәрежесин жоқары қәдирлеймиз. Мәмлекетлеримиздиң ғәрезсизлиги, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлиги мәселелери бойынша принципиал позицияны ийелеп келмектемиз.

Өзбекстан Қытайдың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Режесине муўапық қәўипсизликтиң бөлинбеўине ҳәм тыныш раўажланыў принциплерине тийкарланған глобал басламасын қоллап-қуўатлайды.

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай арнаўлы хызметлери ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары арасында үш жаўыз күш, наркотрафик, трансшегаралық ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресте тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўды усыныс етемиз.

Аўғанстанда гуманитарлық апатшылыққа жол қоймаў бойынша келисилген позицияны ислеп шығыў ҳәм илажларды қабыллаў ушын Шанхай бирге ислесиў шөлкеми сондай-ақ, Аўғанстанға қоңсы мәмлекетлер шеңберинде Қарым-қатнас топары платформаларынан толық пайдаланыў әҳмийетли болып есапланады.

Сондай-ақ, дүнья жәмийетшилиги ҳәм Аўғанстан ҳүкимети тәрепинен өз-ара миннетлемелерди орынлаў алгоритмин ислеп шығыў ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигинде жоқары дәрежедеги Халықаралық топарды дүзиў ҳаққындағы басламамыз қоллап-қуўатланады, деп үмит етемиз.

Биргеликтеги ҳәрекетлеримизди турақлы келисип алыў ушын бүгинги форматта Қәўипсизлик  кеңеслери хаткерлериниң ушырасыў механизмин жаратыўды усыныс етемиз.

Қәдирли дослар!

Бизиң мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз миллий мәдениятларды өз-ара байытып барыў ушын үлкен цивилизациялық потенциал ҳәм үлкен имканиятларға ийе. Кеше Орайлық Азия ҳәм Қытай Мәденият ҳәм көркем өнер жылы ҳәм Жаслар фестивалының ашылыўы шеңберинде болып өткен әжайып концерт оған анық мысал болып есапланады.

Жақсы дәстүрге айланып қалған гуманитарлық алмасыўлар, ҳәр қыйлы көргизбелер, концерт ҳәм гастроллар, биргеликтеги спорт илажларын жасларымызды кеңнен тартқан ҳалда, турақлы өткерип барыўды даўам еттириўмиз зәрүр, деп есаплайман.

Келеси жылы мәмлекетлеримиз Жас талантлар форумын жолға қойыўды усыныс етемиз.

Қытай тәрепине дәстүрий медицина, көз кеселликлерин емлеў ҳәм билимлендириў тараўларындағы әҳмийетли басламалары ҳәм биргеликтеги бағдарламалар ушын миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли кәсиплеслер, делегациялар басшылары!

Бизиң мәмлекетлеримиз стратегиялық шерик ҳәм исенимли дос болып табылады. Бизиң өз-ара исеним, ҳүрмет ҳәм бир-бириниң мәплерин есапқа алыў принциплерине тийкарланған көп жыллық бирге ислесиўимиз ҳеш қашан сиясий конъюнктураларға байланыслы болмаған.

Бүгинги халықаралық қатнасықларда қарама-қарсылық күшейген ҳәм ақыбетин алдыннан айтып болмайтуғын шараятта да биз бир-биримизди қоллап-қуўатлап атырмыз ҳәм халықларымыз ушын абадан келешекти биргеликте қурып атырмыз.

Мәмлекетлеримиз пандемия дәўиринде бир-бирине нәтийжели жәрдем көрсеткени мине, усындай айрықша қатнасықлардың анық тастыйығы болып есапланады.

Усы мүнәсибет  пенен, Қытай тәрепиниң Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеў ушын ушырасыўларымызды турақлы өткерип барыў ҳаққындағы стратегиялық басламаларын қоллап-қуўатлаўды қәлер едим.

Баслық Си Цзиньпин мырза, сиз уллы Қытайдың дана басшысы, бизиң регионымызда, улыўма, пүткил жер жүзинде қәўипсизлик, турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў тәрепдарысыз. Бизиң ушырасыўларымыз ҳәм бүгинги саммит бул пикирди анық дәлиллейди.

Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстан Республикасында конституциялық реформалар табыслы өткерилгени ҳәм болажақ Президент сайлаўын қоллап-қуўатлағаныңыз сондай-ақ, жақсы тилеклериңиз ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Усы әнжуманның пайдалы нәтийжелери жақсы қоңсышылық қатнасықларды ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығына хызмет ететуғынына исенемен.

Итибарыңыз ушын рахмет.