Қытай Орайлық Азия мәмлекетлерине өзиниң қорғаныў потенциалын беккемлеўде жәрдем бериўге таяр, деди жума күни ҚХР басшысы Си Цзиньпин Сианьда болып өткен Қытай – Орайлық Азия саммитинде.

Синьхуа агентлигиниң жазыўынша, Си Цзиньпин сондай-ақ, «Қытай – Орайлық Азия мәмлекетлеринен ҳуқық-үгит-нәсиятлаў уйымларының қәўипсизлик тараўы ҳәм қорғаныў потенциалын беккемлеўде жәрдем бериўге таяр екенин ҳәм бул мәмлекетлердиң регионаллық қәўипсизлик ҳәм терроршылыққа қарсы гүресиўиндеги ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайтуғынын», – атап өткен.

«Қытай – Орайлық Азия» саммити 18-19-май күнлери Қытайдың Сиань қаласында Си Цзиньпин басшылығында болып өтпекте. Онда, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Өзбекстан ҳәм Түркменстан президентлери қатнаспақта.

ӨзА