Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетлик сапары 18-май күни Қытай Халық Республикасының Басшысы Си Цзиньпин менен еки тәреплеме сөйлесиўлерден басланды.

Ушырасыў еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында Сиань қаласындағы «Шэньси» резиденциясында өтти.

Қытай Халық Республикасының Басшысы Си Цзиньпин дәслеп мәмлекетимиз басшысын қызғын қутлықлап, мәмлекетимизде Конституцияны жаңалаў бойынша улыўмахалықлық референдум табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады ҳәм Өзбекстанда болажақ Президент сайлаўында үлкен табыслар тиледи.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, өз гезегинде, Қытайға мәмлекетлик сапар менен келиў мирәти ҳәм көрсетилип атырған жыллы миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди. Қытай басшысын әҳмийетли сиясий илажлардың табыслы өткерилгени ҳәм жоқары мәмлекетлик лаўазымларға қайта сайланғаны менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан менен Қытай арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларының жаңа дәўиринде әҳмийетли болған мәселелер толық додаланды.

Ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылып атырғаны, барлық дәрежедеги өз-ара байланыслар жеделлескени, сиясий сөйлесиў беккемленип атырғаны ҳәм әҳмийетли мәселелерде тәреплер бир-бирин қоллап-қуўатлап киятырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кәмбағаллықты қысқартыў, соның ишинде, аўыл хожалығы, жерден пайдаланыў, киши ҳәм орта бизнес, инфраструктураны модернизациялаў, медициналық хызметтиң сапасын арттырыў ҳәм профессионал билимлендириў тараўларында социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыўда нәтийжели тәжирийбе алмасыў ҳәм әҳмийетли илажлар көриўге айрықша итибар қаратылды.

Саўда-экономикалық тараўда өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары толық көрип шығылды. Бул, бәринен бурын, заманагөй санаат қуўатлылықларын қурыў, инвестициялық ҳәм жоқары технологиялық кәрханаларды шөлкемлестириў бағдарындағы қоспа жойбарларды нәзерде тутады.

Күни кеше өткерилген бизнес-форум жуўмағында улыўма баҳасы 25 миллиард доллар муғдарында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге қол қойылды ҳәм келисимлерге ерисилди.

Альтернатив энергетиканы раўажландырыў бойынша қуяш, самал ҳәм суў электр станцияларын қурыў, қуяш панеллери, электр үскенелер, трансформаторлар, аккумуляторлар ислеп шығарыў, басқарыў процесслерин санластырыў ҳәм қәнигелерди таярлаў бағдарындағы жойбарлардан ибарат инвестициялық-технологиялық бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Жаңа әўлад автомобильлерин ислеп шығарыў тараўындағы кооперацияны кеңейтиў – электр ҳәм гибрид автотранспорт қуралларын жыйнаў бойынша заманагөй заводларды иске қосыў имканиятлары додаланды.

Түрлес тармақлардағы жойбарларды ислеп шығыў әҳмийетли екени атап өтилди. Атап айтқанда, мыс, литий, сийрек ушырасатуғын металларды терең қайта ислеў тийкарында электротехника өнимлерин ислеп шығарыўшы жоқары технологиялық кластерди шөлкемлестириў усылардың қатарына киреди.

Буннан тысқары, пластмассалар, химиялық өнимлер, металл буйымлар, азық-аўқат, қурылыс материаллары, таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў, биотехнологиялар кластерин шөлкемлестириўде бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм кеңейтиўден мәмлекетлеримиз мәпдар екени атап өтилди.

Қытайдың жетекши банклери ҳәм «Жипек жолы» фонды, сондай-ақ, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен нәтийжели финанслық-техникалық бирге ислесиўдиң бүгинги дәрежеси жоқары баҳаланды.

Еки мәмлекет аймақларының бирге ислесиў потенциалын әмелге асырыў, соның ишинде, Сырдәрья ўәлаятын «Алдынғы технологиялар аймағы»на айландырыў бойынша қоспа илажлар белгилеп алынды.

Жедел сөйлесиўлер ҳәм авиақатнаўлардың қайта тиклениўин есапқа алып, быйылғы жылы Өзбекстанда еки мәмлекет қала ҳәм аймақларының биринши форумын өткериў мәселеси үйрениледи.

Кейинги жылларда еки есеге көбейген өз-ара товар алмасыўды арттырыў ушын мақсетли көрсеткишлер ҳәм товарлар қурамы белгилеп алынды.

«Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жолын қурыў бойынша әмелий жумысларды тез пурсатта баслаў әҳмийетли екени атап өтилди.

Гуманитар тараў додаланып, билимлендириў ҳәм туризмде бирге ислесиўди жеделлестириў, өз-ара мәденият, көркем өнер ҳәм кино күнлерин өткериў, дәстүрий медицина, көз ҳәм басқа да түрдеги кеселликлерди емлеў, вакцина ҳәм фармацевтикалық өнимлер ислеп шығарыў бағдарындағы бағдарламаларды әмелге асырыў зәрүр екени ҳаққында бирдей пикир билдирилди.

Регионаллық күн тәртиби ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Ушырасыў ҳәр қашанғыдай исеним, ашық-айдынлық ҳәм дослық руўхында өтти. Өзбекстан жетекшиси Қытай басшысын мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти. Мирәт миннетдаршылық пенен қабыл етилди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмақланғаннан кейин, еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасының Басшысы Си Цзиньпин Биргеликтеги билдириўге қол қойды ҳәм 2023-2027-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы менен Қытай Халық Республикасы арасында жаңа дәўирдеги ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти раўажландырыў бағдарламасын қабыл етти.

Жетекшилер жанында төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:

– Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Қытай Халық Республикасы Ҳүкимети арасында техникалық-экономикалық бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;

– Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Қытай Халық Республикасы Ҳүкимети арасында Бирге ислесиў бойынша өзбек-қытай ҳүкиметлераралық комитетин дүзиў ҳаққындағы Келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы протокол;

– Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Қытай Халық Республикасы Ҳүкимети арасында орта билим бериў мектеплериниң потенциалын раўажландырыў бойынша жойбарды әмелге асырыў ҳаққындағы келисим;

– Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги менен Қытай Халық Республикасы Бажыхана бас ҳәкимшилиги арасында қус гөшин жеткерип бериўде карантин ҳәм ветеринариялық-санитариялық талаплар ҳаққындағы протокол;

– Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги менен Қытай Халық Республикасы Бажыхана бас ҳәкимшилиги арасында Өзбекстаннан Қытайға жүзим экспорт етиўде фитосанитариялық талаплар ҳәм қадағалаў ҳаққындағы протокол;

– Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бажыхана комитети менен Қытай Халық Республикасы Бажыхана бас ҳәкимшилиги арасында ўәкилликли экономикалық операторлар бағдарламаларын өз-ара тән алыў ҳаққындағы келисим;

– Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги менен Қытай Халық Республикасы Коммерциялық министрлиги арасында тийкарғы инвестициялық жойбарларды алға қойыў бойынша түсинисиў меморандумы;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңес Баспасөз канцеляриясы арасында ғалаба хабар қураллары тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы түсинисиў меморандумы;

– 2023-2024-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен Қытай Халық Республикасы Сыртқы ислер министрлиги арасында бирге ислесиў бағдарламасы;

– Ташкент қаласы ҳәм Сичуань провинциясы арасында шериклик байланысларын орнатыў ҳаққындағы келисим;

– Сырдәрья ўәлаяты ҳәм Шэньси провинциясы арасында шериклик байланысларын орнатыў ҳаққындағы келисим;

– Самарқанд ўәлаяты ҳәм Шэньси провинциясы арасында шериклик байланысларын орнатыў ҳаққындағы келисим;

Буннан тысқары, төмендеги әҳмийетли экономикалық келисимлерге қол қойылды.

– электр узатыў линиялары ҳәм киши станцияларды қурыў жойбарын қаржыландырыў ҳаққында;

– мультимодал логистика орайын шөлкемлестириў ҳаққында;

– «Өзбекстан темир жоллары» АЖ локомотивлер паркин жаңалаў ҳәм модернизациялаў ҳаққында;

– Өзбекстан – Қытай агросанаат паркин шөлкемлестириў ҳаққында;

– Агроинновациялық паркин шөлкемлестириў ҳаққында;

– Өзбекстан – Қытай биотехнологиялық кластерди шөлкемлестириў ҳаққында;

– «Өзбектелеком» АКниң телекоммуникация инфраструктурасын буннан былай да кеңейтиў ҳаққында;

– «EXEED» компаниясы менен биргеликте заманагөй автомобильлер ислеп шығарыў ҳаққында;

– «BYD Auto Industry» компаниясы менен биргеликте электр ҳәм гибрид автомобильлер ислеп шығарыў ҳаққында;

– «Өзбекстан миллий банки» АЖ менен «Қытай Эксим банки» арасында кредит линияларын тартыў ҳаққында;

– «Өзбекстан миллий банки» АЖ менен «Қытай раўажланыў мәмлекетлик банки» арасында кредит линияларын тартыў ҳаққында;

– «China Export and insurance corporation» менен бирге ислесиў ҳаққында;

– Наманган ўәлаятында «Нарын ГЭС» каскадын қурыў» ҳәм Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында «Айгаин ГЭС каскадын қурыў» жойбарлары техникалық-экономикалық тийкарларын таярлаў ҳаққында;

– телекоммуникация тармақларын раўажландырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында.

Сапар илажлары шеңберинде тармақ меморандумларына да қол қойылды:

– Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлиги жанында сырт мәмлекетлер менен миллетлераралық қатнасықлар ҳәм дослық байланыслар Комитети менен Сырт мәмлекетлер менен дослық Шанхай халық ассоциациясы арасында;

– Өзбекстан Саўда-санаат палатасы менен Халықаралық саўдаға жәрдем көрсетиў бойынша Қытай кеңеси арасында коммерциялық ҳуқық тараўында бирге ислесиў бойынша Өзбек-Қытай комитетин дүзиў ҳаққында;

– Өзбекстан Республикасы товар-шийки зат биржасы менен Дальян товар биржасы арасында;

– Өзбекстан Қусшылық ассоциациясы менен Қытай Шарўашылық ассоциациясы арасында қусшылық тараўында бирге ислесиў ҳаққында;

– Өзбекстан Республикасы «Өзбылғарысанаат» ассоциациясы менен Қытай былғары санаат бойынша бирге ислесиў ассоциациясы арасында;

– Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети менен Пекин шет тиллери ҳәм мәденият университети арасында;

– Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети менен Ляонин педагогика университети арасында;

– Самарқанд халықаралық технологиялар университети менен Тяньцзинь илим ҳәм техника университети арасында;

– Самарқанд халықаралық технологиялар университети менен Арқа-шығыс электроэнергетика университети арасында;

– Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университети менен Шанхай университети арасында.

Сапар етиў шеңберинде еки мәмлекет арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған жәми 41 ҳүжжетке қол қойылды.



Сиань қаласындағы Тан династиясы паркинде «Орайлық Азия – Қытай» биринши саммитинде қатнасып атырған мәмлекетлердиң басшыларын рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм зайыбын Қытай Халық Республикасы Басшысы Си Цзиньпин ҳәм зайыбы салтанатлы түрде күтип алды.

Мәресимде Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм зайыбы, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты. Биргеликте сүўретке түсти.

Уллы мәртебели мийманларға сарай алдындағы майданда Қытайдың бай тарийхы ҳәм мәдениятын өзинде сәўлелендирген жарқын сахналастырылған шығыўлар ҳәм концерт бағдарламасы көрсетилди.





* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев саммит шеңберинде Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Жетекшилер экономикалық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясының 12-май күни Ташкент қаласында өткен гезектеги мәжилистиң нәтийжели жуўмақларын жоқары баҳалады.

Өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў ҳәм санаат кооперациясы жойбарларын, соның ишинде, энергетика, машина қурылысы, аўыл хожалығы, транспорт-коммуникация ҳәм басқа да тармақларда алға қойыў бойынша қабыл етилген қарарларды әмелде орынлаў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстан басшылары регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин көрип шықты.

ӨзА