Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясы стадионында ерлер арасында футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Баслығы кубоги»  жарысының  Нөкис қалалық басқышы болып өтти.

Оған қаламыз аймағындағы мәкан пуқаралар жыйынларының футбол командалары қатнасты.

Жарыс жуўмағында, 1-орынды Наўрыз мәкан пуқаралар жыйынының футбол командасы ийелеп, кубоктиң республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.




Ал, 2-3-орынлар болса,  Шымбай гүзары ҳәм Жеке терек елатының жасларына несип етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы