Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки болжаўларына бола, Орайлық Азия мәмлекетлери экономикасының өсиўи 2023-жылы 5, 2 процент, 2024-жылы болса 5, 4 протцентти қурайды. Жоқары процент ставкалары, инфляция ҳәм өним баҳаларының артыўы узақ мүддетли келешекте регионаллық өсиўге унамсыз тәсир етиўи мүмкин.
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ) прогнозларына бола, Орайлық Азия мәмлекетлери: Қазақстан, Қырғызстан, Монголия, Тажикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан экономикасы 2023-жылы улыўма есапта орташа 5,2 процентке өседи. Бул ҳаққында шөлкемниң “Регионаллық экономикалық прогноз” есабатында келтирип өтилген.
“Россиядан кәрханалар ҳәм физикалық шахслардың көшиўи, басқарыўдың жақсыланыўы, товарлар кириўиниң көбейиўи ҳәм Қытай менен жаңа байланыслар себепли регионда 2024-жылы шама менен 5,4 процент экономикалық өсиў болыўы күтилип атыр.
Орайлық Азия мәмлекетлериниӊ экономикасы Россияның Украинаға қарсы урысы менен байланыслы қолайсыз геосиясий ҳәдийсеге шыдамлылығын көрсетти. Регион экономикасының көпшилиги халықаралық фирмалардың Россия базарынан шығып кетиўи нәтийжесинде жүзеге келген бослықта дәлдалшы ретинде, өз өнимлерин жеткериў арқалы Россия менен саўда шериклигин беккемледи. Орайлық Азияға сырт елден пул өткермелериниӊ көлеми сезилерли дәрежеде артты, бул болса банк депозитлери ҳәм пайданың артыўына хызмет етти. Россия фирмалары ҳәм физикалық шахсларының көширилиўи усақлап сатыў, көшпес мүлк ҳәм мийманхана системасында талапты артты”, деп аталады ЕТРБ есабатында.
Атап өтилиўинше, Россиядағы күшли жумысшы күшиниӊ талабы ҳәм рублдиң беккемлениўи фонында мийнет мигрантларының пул өткермелери де асқан.
“2023-жылдың биринши шерегинде регион бойлап өсиў даўам етти, көпшилик мәмлекетлерде тутыныў баҳалары инфляциясы орайлық банклер тәрепинен белгиленген мақсетли диапазонлардан бир қанша жоқары болды. Регион экономикалары жақын келешекте тез пәт пенен өсиўде даўам етиўи мүмкин, бирақ процент ставкалары, инфляция ҳәм шийки зат баҳасындағы глобал тенденцияларға салыстырғанда турақсызлық сақланып қалып атыр”, деп атап өткен ЕТРБ экспертлери.
Өзбекстан бойынша прогнозлар
2022-жылы Өзбекстан экономикасы 5,7 процент өсимди көрсетти. Оған сыртқы ҳәм ишки талаптың сезилерли жақсыланғаны, атап айтқанда, пул өткермелериниң еки еседен зыят көбейгени үлкен тәсирин тийгизген.
“Өзбекстан экономикасы 2023 ҳәм 2024-жыллары 6,5 проценттен өсиўи күтилип атыр. Сырт ел инвестициялары, компаниялар ҳәм физикалық шахслардың кирип келиўи, меншиклестириў ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған реформалар буған себеп болады. Салыстырмалы түрде диверсификацияға қарамастан, экономикалық өсиўге Россияның Украинаға қарсы урысының және де күшейиўи ҳәм пул өткермелериниң қысқарыўы тосқынлық етиўи мүмкин”, деп аталады есабатта.
Турсынбек Хожаниязов,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим
бағдарыныӊ 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги