Ҳүрметли Рено-Бассо ханым!
Ҳүрметли Бруннер мырза!
Сырт елли ҳүкиметлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллери!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң быйылғы мәжилиси әййемги ҳәм бийтәкирар Самарқандта өткерилип атырғанын биз мәмлекетимизге, реформаларымызға жоқары исеним ҳәм итибардың көриниси сыпатында қабыл етемиз.
Өзбекстанға хош келдиңиз!
Бүгинги конференцияны өткериў ушын әйне Самарқанд қаласы таңланғаны терең рәмзий мәниске ийе, деп ойлайман. Әзелден Уллы жипек жолы кесилиспесинде жайласқан бул Әййемги қала Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубланы өз-ара байланыстыратуғын Европа, Азия ҳәм Африка континентлери арасында саўда-экономикалық, мәдений ҳәм илимий-технологиялық алмасыўлар мәканы болып хызмет еткен.
Бул жерде түрли цивилизациялар арасында жоқары қарым-қатнас мәдениятының қәлиплескени менен биз бәрқулла мақтанып келемиз.
Дүньяның барлық регионларынан 2500 ден аслам мийманлар қатнасып атырған бүгинги конференция мине усы жақсы дәстүрлерди жаңа басқышта даўам еттирип, халықларымыз арасындағы дослық ҳәм аўызбиршилик көпирин беккемлейди, деп исенемен.
Барған сайын күшейип атырған ҳәзирги геосиясий қарама-қарсылықлар дәўиринде бундай ашық ҳәм жақын сөйлесиўлер, дослық байланысларын және де кеңейтиў барлық мәмлекетлер ушын, әлбетте, оғада зәрүр. Усы мәнисте, бүгинги абырайлы конференцияның тийкарғы темасы «Турақлылық ушын инвестиция», деп белгиленгени айрықша әҳмийетке ийе болып есапланады.
Бәршеңиз көрип турсыз, глобаллық экономикалық машқалалар барған сайын ҳәўиж алмақта. Климаттың өзгериўи ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлер күшеймекте, тәбийғый ресурслар болса азайып бармақта. Бундай қыйын жағдайда бүгинги ҳәм келешек әўладлар мүнәсип турмыс кешириўи ушын жаңа технология ҳәм жойбарларға көбирек инвестициялар киргизиў талап етилмекте.
Усы көзқарастан қарағанда, бул әҳмийетли конференция мәмлекетлер арасындағы көп тәреплемели ҳәм узақ мүддетли байланысларды жаңа басқышқа алып шығады, экономикаларымыздың раўажланыўы ушын инвестицияларды және де көбейтеди, барлық ағза мәмлекетлердиң раўажланыўына шексиз үлес қосады.
Әзиз дослар!
Өзбекстанда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң бундай форматтағы мәжилиси 20 жыл бурын болып өткен еди. Бүгинги конференцияда жаңа мийманлар менен бирге, алдынғы мәжилисте қатнасқан қатнасыўшыларда да көрип турман.
Усы жерде бир пикирди айрықша атап өтип айтпақшыман: бүгинги Өзбекстан кешеги Өзбекстан емес.
Алты жыл алдын баслаған исенимли реформаларымыз нәтийжесинде мәмлекетимиздиң келбети пүткиллей өзгерди. Бүгин сиз, әзизлерди пүткиллей жаңа орталықта – дүньяға кеңнен ашылып атырған, барлық тараўларда бирге ислесиў ушын таяр болған Жаңа Өзбекстанда қабыл етип атырғанымыздан оғада қуўанышлымыз.
Кейинги жылларда елимизде инсан қәдирин улығлаў, халықтың мәплерин тәмийинлеў, экономиканы еркинлестириў ҳәм дүнья базарларына анық кирип барыў бойынша салмақлы жетискенликлерге еристик, деп айта аламыз. Соның ишинде, инсан ҳуқықларын әмелде ең жоқары қәдирият дәрежесинде тәмийинлеў мақсетинде мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнети толық сапластырылды.
Сөз ҳәм дин еркинлиги, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша ерискен әмелий нәтийжелеримиз халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынбақта.
Мәмлекетимизде биринши рет кәмбағаллық бар екенин тән алдық және оны қысқартыў ушын нәтийжели система жараттық. Бул система менен мәмлекеттиң жәрдемине мүтәж шаңарақлар толық қамтып алынды.
Соның менен бирге, нызам үстинлигин тәмийинлеў, суд еркинлиги ҳәм әдил судлаў институтын беккемлеў, жеке меншик мүлкке қолқатылмаслығын кепиллеў бағдарындағы реформаларды исенимли даўам етип атырмыз.
Халық ҳәм исбилерменлердиң мәплерин исенимли қорғайтуғын система – ҳәкимшилик судлар шөлкемлестирилди. Жәмийетте коррупцияға маўасасыз болыў орталығын қәлиплестириў ең баслы ўазыйпаларымыздан бирине айланды.
Сырт елли инвестор ҳәм шериклеримиз узақ күткен жеңиллик ҳәм имканиятлар экономикалық реформаларымызда өз көринисин таппақта.
Валюта системасы еркинлестирилгени, сыртқы базарларға шығыў бойынша тосқынлықлар алып тасланғаны, 7 мыңнан аслам шийки зат ҳәм товарларға бажыхана бажыларының бийкар етилгени нәтийжесинде сыртқы саўда айланысы еки есеге артты.
Соның менен бирге, салық жүги дерлик 2 есеге азайғаны, салық ҳәкимшилигиниң әпиўайыласқаны, Өзбекстанда регионымыздағы ең тартымлы фискаль система қәлиплескени халықаралық шөлкемлер тәрепинен тән алынбақта.
Реформаларымызға исеним артқаны себепли жыллық сырт ел инвестицияларының көлеми 2017-жылға салыстырғанда 3 есеге көбейди.
Улыўма етип айтқанда, мәмлекетимизде қолайлы бизнес орталығының жаратылғаны нәтийжесинде исбилерменлер саны 4 есеге артты.
Ең әҳмийетлиси – сиясий ҳәм экономикалық реформаларымызды халқымыз толық қоллап-қуўатламақта.
Жақында улыўмахалықлық референдумда қабыл етилген жаңаланған Конституциямызда реформалардың артқа қайтпаўы ҳәм даўамлы болыўы қатаң кепилленди.
Бир сөз бенен айтқанда, биз өзимиз таңлаған, узақ мүддетке мөлшерленген ашық-айдынлық ҳәм турақлы раўажланыў жолынан қайтпастан, және анық қәдемлер менен алға қарай барамыз.
Биринши. Мәмлекетимизде инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, инвесторларға және де қолайлы шараятлар жаратыўды тутас система тийкарында әмелге асырамыз.
Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт елли инвесторлар кеңеси сырт елли инвесторлар менен тиккелей сөйлесиўди жолға қойып, өз-ара пайдалы жойбар ҳәм узақ мүддетли стратегияларды биргеликте ислеп шығыўда шешиўши буўын болады.
Әлбетте, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен бирге шөлкемлестирилген бул сөйлесиў платформасы биз ушын жаңа тәжирийбелер арттырыўға хызмет етеди ҳәм қосымша имканиятлар жаратады, реформалар процесинде заманагөй көзқарасларды енгизиўге жәрдемлеседи.
Инвесторлар қай жерде болмасын, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде шөлкемлестирилген «бир айна» арқалы – 14 аймақ, 208 район ҳәм қалада және Өзбекстанның сырт елдеги барлық дипломатиялық ўәкилханаларында оларға зәрүр жәрдем ҳәм хызметлер көрсетиледи.
Сондай-ақ, жылдың ақырына шекем халықаралық экспертлер менен бирге ислесиўде тарийхымызда биринши рет Халықаралық коммерциялық суд жумысы жолға қойылады.
Екинши. Биз товарлар, хызметлер, капитал ҳәм мийнет базарларын және де еркинлестириў сиясатын жедел даўам еттиремиз. Соның ишинде, дүнья жүзиндеги өндирис шынжырларына қосылыў мақсетинде Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў ушын үлкен қәдемлер тасладық. Бул бағдарда усы жылы салмақлы нәтийжелерге ерисемиз, деп исенемен.
Үшинши. Артықша бюрократияны қысқартыў ҳәм коррупцияны тамыры менен жоқ етиў буннан былай да мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң дыққат орайында болады.
Бул бағдарда басланған ҳәкимшилик реформаларды избе-из даўам еттирип, инсан ҳәм бизнеске жәрдемлесетуғын, оларға сапалы хызмет көрсететуғын ықшам ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасын енгиземиз.
Ҳүрметли банк басқарыўшылары!
Бир пикирди ашық айтыўымыз керек, реформаларымызды әмелге асырыў ҳәм ҳәзирги нәтийжелерге ерисиўде халықаралық бирге ислесиўшилеримиздиң жәрдеми биз ушын оғада айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Бүгин үлкен исеним менен айта аламан – Өзбекстанды турақлы раўажландырыў жолында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки бизиң стратегиялық шеригимизге айланды. Әсиресе, банктиң мәмлекетимиздеги жойбарлар портфели 4 миллиард евродан артқаны, соннан 3,3 миллиард евролық жойбарлар соңғы төрт жылда басланғаны бул пикирди анық тастыйықлайды.
Өткен жылдың жуўмағы менен Өзбекстан банктиң бес ең тийкарғы бирге ислесиўшилериниң қатарына кирди. Жыллық инвестиция көлеми бойынша болса, оның Орайлық Азиядағы ең ири бизнес шеригине айланды.
Ең әҳмийетлиси, банк пенен жеке меншик секторды раўажландырыў бағдарындағы қатнас ҳәм мақсетлеримиз де үнлес болып табылады. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде банк жойбарларында жеке меншик бизнестиң үлеси 55 процентке жеткени де соннан дәрек береди.
Әсиресе, бүгинги күнде оғада әҳмийетли болған «жасыл энергия», ишимлик суўы, жол-транспорт инфраструктурасы, экология сыяқлы тараўларда бирге ислесиўимиз жедел раўажланбақта. Атап айтқанда, қайта тикленетуғын энергия тараўында банктиң 600 миллион евро қаржылары қатнасыўында ири жойбарларды басладық. Бундай жедел бирге ислесиўимиз экономикамызға басқа сырт ел инвесторларын тартыўда да «катализатор» болып хызмет етпекте.
Пурсаттан пайдаланып, бизди қоллап киятырған Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң администрациясы, әсиресе, банк президенти Рено-Бассо ханымға, банкке ағза мәмлекетлер ҳүкиметлери ҳәм басқарыўшыларына, банк пенен бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәм инвесторларға, биз бенен биргеликте жойбарларды әмелге асырып атырған барлық банк хызметкерлерине терең миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли дослар!
Биз буннан былай да реформаларымызды даўам еттириўде раўажланыў бағдарындағы халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен төмендеги бағдарларда бирге ислесиўге таянамыз.
Бириншиден, биз мәмлекетимиздиң турақлы экономикалық өсиўин тәмийинлеўде тек ғана жеке меншик секторға сүйенемиз. Соның ушын, келешектеги раўажланыўымыз меншиклестириў процесслери менен тығыз байланыслы екенин жақсы түсинемиз.
Бул бағдарда кәрханалардағы мәмлекетлик үлеслерди сатыў, стратегиялық компаниялар ҳәм ири банклердиң акцияларын ашық саўдаға шығарыў бойынша жылдың басында үлкен шеклерди алдық. Атап айтқанда, биринши мәрте экономикамыз ушын стратегиялық әҳмийетке ийе 40 кәрхана «8PО»ға алып шығылады.
Бул бағдарда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен үлкен бағдарламаны әмелге асырамыз.
Бир ғана мысал, мәмлекетимиздиң ең ири банклери – «Өзсанаатқурылысбанк» ҳәм «Асака» банкин меншиклестириў бойынша Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен жедел жумыс алып барып атырмыз. Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң тәбийғый ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, ең заманагөй технологиялары бар инвесторларды тартыў бойынша банк пенен өз алдына бағдарламаны басладық.
Биз кәмбағаллықты қысқартыў бойынша алдымызға үлкен шеклерди қойдық. Оларға ерисиў ушын исбилерменлерге жаңадан-жаңа имканият ҳәм шараятлар жаратамыз. Усы мақсетте киши ҳәм орта бизнести қаржылай қоллап-қуўатлаў бойынша банк пенен бирге ислесиўди және де кеңейтиўден мәпдармыз.
Екиншиден, инфраструктура, медицина, билимлендириў, транспорт, экология сыяқлы мәмлекет ықтыярындағы тараўларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын кеңейтиў.
Бул бағдарда банк пенен мәмлекетимизде биринши мәрте Наманганда ишимлик суўы тармағын басқарыў, Ташкент – Самарқанд заманагөй магистраль автомобиль жолын қурыў жойбарларын баслап атырмыз.
Имканияты жоқары болған туризм тараўында да мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти кеңейтемиз. Сизлер Самарқандта болып, мәмлекетимиздиң туризм бағдарында қандай үлкен перспективаға ийе екенин өзиңиз сезип турсыз, деп ойлайман.
Улыўма, бул әнжуман шеңберинде денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, инфраструктура, транспорт, энергетика тараўларында 40 тан аслам ири мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының презентациясы өткериледи. Бул жойбарлар сизлерде үлкен қызығыўшылық оятатуғынына исенемен.
Үшиншиден, «жасыл экономика» әсиресе, «жасыл энергия» тараўларын жедел раўажландырыў.
Биз 2030-жылға шекем электр энергиясын ислеп шығарыўда қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин 40 процентке жеткериўди режелестиргенбиз. Бул бағдарда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен усы жылдың өзинде улыўма қуўатлылығы 1,2 гигаватт болған 3 ири қуяш станциясы қурылады.
Соның менен бирге, бүгинги әнжуман болып өтип атырған әййемги Самарқанд жақында банктиң «жасыл қалалар» бағдарламасына киргизилди. Биз Нөкис, Әндижан, Бухара ҳәм Наманган сыяқлы қалаларымызды да усы бағдарламаға киргизиўде банктиң жәрдемине сүйенемиз.
Төртиншиден, биз Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлар исбилерменлигин және де қоллап-қуўатлаў, олардың идеялары менен басламаларын жүзеге шығарыў ушын тең имканиятлар жаратыўға айрықша итибар қаратып атырмыз.
Бул бойынша банк пенен ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың экономикалық белсендилигин арттырыў бойынша әмелге асырып атырған бағдарламаларымыз айрықша итибарға ылайық. Бундай жойбарларды кескин арттырыў бойынша банк пенен бирге ислесиўимизди және де кеңейтемиз.
Бесиншиден, банк пенен бирге алдыңғы агротехнологиялар, суўды үнемлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша және көплеген жаңа жойбарларды әмелге асырыўға таярмыз.
Глобал азық-аўқат жетиспеўшилиги менен байланыслы машқалалар күшейип баратырған ҳәзирги шараятта бундай жойбарлар банк ушын да, инвесторлар ушын да жүдә пайдалы болады, деп есаплайман.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Биз Орайлық Азияда бирге ислесиўди раўажландырыўды Жаңа Өзбекстанның сыртқы сиясатының ең тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгилеп алғанбыз.
Регион мәмлекетлери басшыларының исенимли сиясий ерк-ықрары ҳәм үзликсиз ҳәрекетимиз нәтийжесинде бүгин Орайлық Азия жақсы қоңсышылық ҳәм шерикликтиң айқын үлгисине айланып бармақта. Соның ишинде, қоңсыларымыз бенен экономикалық қатнасықларды кеңейтиў мақсетинде биз биргеликтеги инвестициялық фондларды шөлкемлестирдик, санаат, энергетика, траснпорт ҳәм суў хожалығында бир қатар ири жойбарларды басладық. Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм басқа да сырт ел бирге ислесиўшилеримизди бундай регионаллық жойбарларда белсене қатнасыўға мирәт етемиз.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Сөзимниң соңында, және бир пикирди айрықша атап өтпекшимен: бүгинги халықаралық әнжуман Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен мәмлекетимиз арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў ушын тарийхый имканият жаратпақта.
Самарқандқа 71 мәмлекет ҳүкиметлериниң ўәкиллери келгени де усы мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы жойбарларды баслаўға үлкен түртки беретуғынына исенемен.
Бүгинги «Өзбекстан инвестиция презентациясы»нда мәмлекетимиз бизнес тараўында қандай үлкен имканиятларға ийе екени ҳәр тәреплеме көрсетип берилди. Буннан тысқары, әнжуман шеңберинде болып өтетуғын сессия ҳәм ушырасыўларда сизлерге жаңа жойбарлар толық таныстырылады.
Бул күнлерде әнжуманның ҳәр бир қатнасыўшысы Өзбекстандағы жаңа бизнес бағдарларын өзи ушын ашатуғынына исенемен. Соның менен бирге, елимиздиң әййемги тарийхы, бийтәкирар мәдений мийрасы, халқымызға тән миймандослық ҳәм кеңпейиллик пазыйлетлери сизлерде умытылмас тәсирлер қалдырады, деп ойлайман.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, жумысыңызда үлкен жетискенлик ҳәм әўметлер, әнжуман жумысына болса табыслар тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.