Республикамызда 2023-жылдың пахта өними ушын быйыл 86800 гектар жерге шигит егилген болып, ҳәзирги ўақытта бул жерлерде шигиттиң өнип шығыўы, бирлеў, қатар араларын қайта ислеў, қарық тартыў ҳәм топырақларын жумсартыў жумыслары алып барылмақта.
Ҳәзирги ўақытта егилген шигитлер өнип шығып, олардың 67,7 проценти 1-2, 45,3 проценти 3-4, 3,2 проценти 5-6 жапырақтан шығарып баслады.
– Fаўаша атызларында мәўсим басынан берли 141 мың гектардан аслам, бир күнде бес ярым мың гектарға шамалас жер қайта исленди,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң бөлим баслығы К.Нурниязов. – Бир күнде 2608, мәўсим басынан берли 85987 гектарлық ғаўаша атызына минерал төгинлер менен биринши азықландырыў жумыслары әмелге асырылды.
Сондай-ақ, күнине 5-6 мың гектарлық ғаўаша атызларында бирлеў жумыслары алып барылып, бүгинги күнге шекем 95 проценттен асламы бирлеп болынды. Fаўаша атызларының 68 процентке шамаласының қатар аралары жумсартылды. Бул жумысларға ҳәр күни 40 мыңға шамалас жумысшылар қатнаспақта. Бүгинги күнге шекем ғаўашалардың 35 проценттен асламы жапырағы арқалы азықландырылып, бул жумысларға 258 бүркегишлер қатнаспақта.
Көпшилик районларда бирлеў, минерал төгинлер менен биринши азықландырыў жумыслары жуўмақланды.
Fаўаша атызларындағы ҳәзирги әҳмийетли мапазда әмелге асырылыўы зәрүр болған бул илажлар қызғын даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги