Самарқанд қаласында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 32-жыллық мәжилиси өткерилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-май күни бул абырайлы форумда қатнасты.

Саммит жумысында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо, Европа Комиссиясының вице-президенти Валдис Домбровскис, ЕТРБ Басқарыўшылар кеңесиниң баслығы Магнус Бруннер, сырт ел ҳүкиметлери, жетекши трансмиллий корпорациялар ҳәм санаат холдинглери, халықаралық финанс институтлары ҳәм банклердиң басшылары менен ўәкиллери, сондай-ақ, дүньяның 70 тен аслам мәмлекетинен экономика, инвестициялар, қаржы ҳәм инновациялар тараўының экспертлери менен аналитиклери, пуқаралық жәмийети белсендилери ҳәм журналистлер – 2,5 мыңнан аслам қатнасыўшы қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилистиң жалпы сессиясында шығып сөйледи.

– Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң быйылғы мәжилиси әййемги ҳәм бийтәкирар Самарқандта өткерилип атырғанын биз мәмлекетимизге, реформаларымызға жоқары исеним ҳәм итибардың көриниси сыпатында қабыл етемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

ЕТРБның бундай мәжилиси мәмлекетимизде 20 жыл бурын болып өткен еди. Оннан берли Өзбекстан бираз өзгергени, экономика еркинлескени, барлық тараўларда кең көлемли жаңаланыўлар басланғаны ҳәм избе-из әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Бул реформалар бағдарламасын әмелге асырыўда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Өзбекстанның стратегиялық бирге ислесиўшилеринен бири. Оның мәмлекетимиздеги жойбарлар портфели 4 миллиард евродан артқан. Соннан 3,3 миллиард евро муғдарында жойбарлар кейинги төрт жылда басланған.

Өткен жылдың жуўмағы менен Өзбекстан банкиниң бес ең тийкарғы шериклери қатарына кирген. Жыллық инвестиция көлеми бойынша болса оның Орайлық Азиядағы ең ири бизнес шериги болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтти.

Меншиклестириў ҳәм жеке меншик сектор ушын кеңнен шараятлар жаратыў, инфраструктура, медицина, билимлендириў, транспорт, экология сыяқлы мәмлекет ықтыярындағы тараўларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын кеңейтиў, «жасыл экономика», әсиресе, «жасыл энергия» тараўларын жедел раўажландырыў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин және де қоллап-қуўатлаў, жаңа агротехнологияларды енгизиў, суўды үнемлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў усылардың қатарына киреди.

Мәмлекетимиз басшысы банк пенен бирге ислесиўде бул тараўларда жаңа жойбар ҳәм бағдарламалардың әмелге асырылатуғынын мәлим етти. Сондай-ақ, банкти қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиўдеги регионаллық жойбарларда қатнасыўға мирәт етти.

– Бүгинги халықаралық конференция Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен мәмлекетимиз арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў ушын тарийхый имканият жаратпақта, – деди Шавкат Мирзиёев.

ЕТРБ Басқарыўшылар кеңесиниң мәжилиси глобаллық экономика перспективаларын кеңнен додалаў ҳәм терең таллаў, оның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў бойынша усыныслар ислеп шығыў ушын әҳмийетли платформа болып есапланатуғынын атап өтиў керек.

Экономиканың турақлылығына инвестиция киргизиў, халықаралық саўданы хошаметлеў, энергетикалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў, санластырыўды жеделлестириў, финанслық инфраструктураны модернизациялаў, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў, «жасыл экономика» бағдарламасын алға қойыў мәселелери форумның орайлық темалары болды.

Мәжилис шеңберинде Өзбекстан инвестициялық презентациясы өткерилип, бизнес тараўында қандай үлкен имканиятлар бар екени көрсетип берилди.

2022-жыл даўамында ЕТРБ Өзбекстандағы 26 жойбарға, дерлик 900 миллион доллар муғдарында инвестиция киргизди. Бул мәмлекетимиздиң өсип атырған инвестициялық тартымлылығы, елимизде жаратылған қолайлы нормативлик-ҳуқықый орталықтың тән алыныўы болып есапланады. Банк ҳәзирги ўақытта бир қатар ири, соның ишинде, региондағы қайта тикленетуғын энергетика тараўына қаратылған ең ири жойбарларды қаржыландырмақта. Өткен жылдың ақырыңда ЕТРБ жәрдеминде Өзбекстанда өткерилген Сырт елли инвесторлар Кеңесиниң биринши жалпы мәжилиси сырт елли инвесторлар ҳәм реформаларды алға қойып атырған рәсмийлер арасындағы сөйлесиў ушын әҳмийетли платформа болып хызмет етеди.

35,6 миллион халқына ийе, Орайлық Азияның дәл ортасында, Европа ҳәм Азия кесилиспесинде жайласқан Өзбекстан жедел раўажланып атырған базар сыпатында регионда оғада айрықша стратегиялық әҳмийетке ийе екенлигин бүгин пүткил дүнья жүзи тән алмақта. Сиясий ҳәм макроэкономикалық турақлылық көрсетип атырған мәмлекетимиз газ, алтын, уран, гүмис, мыс сыяқлы элементлердиң бай резерви, сондай-ақ, әзелий дәстүрлер, ири өндирис ушын үлкен потенциалы, жас, маман жумысшы күш себепли регионға инвестиция киргизиў ушын әҳмийетли үлкеге айланбақта.

Конференция сессияларында денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, инфраструктура, транспорт, энергетика тараўларында 40 тан аслам ири жеке меншик шериклик жойбарлары таныстырылмақта.

Президент Шавкат Мирзиёев Самарқандқа сапары ўақтында Ҳәзирети Ҳизр комплексинде болып, Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың мақбарасын зыяратлады.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги ўақытта жаңадан қурылып атырған Имам Бухарий комплексиндеги қурылыс жумысларының барысын көзден өткерди. Уллы муҳаддис мақбарасын зыяратлап, Қуран аятлары оқылды.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң Самарқанд саммити 18-май күни жуўмақланады.

З.ЖОНИБЕКОВ,

Ғ.ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршылары