2023-жыл 8-13-май күнлери Ферғана ўәлаятында спорттың грек-рим гүреси түри бойынша жас өспиримлер арасында Өзбекстан кубоги болып өткен еди.

Усы жарыста Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Әзизбек Барлықбаев Өзбекстан кубоги чемпионы болды ҳәм ол Иордания мәмлекетинде болып өтетуғын Азия чемпионатына жоллама алды.

А.Барлықбаев Нөкис қаласындағы 22-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы. Оны жарысқа тренерлери Дәўлет Қабылбеков, Полат Толыбаевлар таярлаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги