Көпшиликтиң хабары болғанындай усы күнлери пүткил елимиз бойлап мәмлекетимизде футболды және де раўажландырыў мақсетинде, ҳәўескер футболшылар арасында Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын жарыслар болып өтпекте.

Тақыятас районында да бул жарыс шөлкемлескенлик пенен өткерилди. Жарыс жуўмағында, үлкен футбол бойынша 1-орынды Тақыятас МПЖ жаслары,  2 -орын Шамшырақ МПЖ , 3 -орын Кенегес АПЖ футболшыларына несип етти.



Ал, мини-футбол бойынша өткерилген жарысларды ерлер арасында 1-орынды  Абат мәкан МПЖ  жаслары ийелеген болса, 2 -3-орынларды Кенегес АПЖ ҳәм Жайҳун МПЖ командалары ийелеўге миясар болды.



Қызлар  арасындағы жарыста Кенегес аўыл пуқаралар жыйынының жаслары барлық қарсыласларын жеңип шығып бас сыйлықты ийелеўге еристи. 2-3-орынлар болса, Дослық ҳәм Қусшылық мәкан пуқаралар жыйынынан келген футболшыларға несип етти.



Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, дәрежели диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Сыйлықлаў мәресиминде илаж қатнасыўшыларына елимизге белгили көркем өнер хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилип, бул жасларға өзгеше заўық бағышлады.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы