Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-май күни Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң Самарқанд қаласындағы жыллық мәжилисинде қатнасып атырған Франция раўажланыў агентлигиниң бас атқарыўшы директоры Реми Риуды қабыллады.

Жаңа Шериклик бағдарламасы ҳәм «жол картасы» шеңберинде Франция раўажланыў агентлиги менен көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий жақлары көрип шығылды.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан агентликтиң жетекши шериги болып есапланады. Биргеликтеги жойбарлар портфели өткен жылы отыз процентке артып, 1,3 миллиард долларды қурамақта.

«Жасыл» экономика, коммуналлық тараўды, соның ишинде, суў тәмийнаты тармақларын модернизациялаў, энергетика инфраструктурасын раўажландырыў, шарўашылық ҳәм басқа бағдарларда жойбарлар әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда бизнести қоллап-қуўатлаў бағдарламаларын әмелге асырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң нәтийжели механизмлерин енгизиў, агентликтиң «ПРОПАРКО» ҳәм «ЭкспертизФранс» структуралары менен бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

ӨзА