Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-май күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин 70 жасқа шыққан юбилейи менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, туўысқан Қазақстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Қасым-Жомарт Тоқаевтың Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын раўажландырыў және беккемлеўге қосып атырған үлеси айрықша атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның май айының басында Ташкент қаласында өткен мәжилисиниң пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Биргеликтеги сыртқы саўда компаниясын иске қосыў ҳәм Санаат кооперациясы халықаралық орайын шөлкемлестириў бойынша көрилген әмелий илажлар атап өтилди.

Еки мәмлекет жетекшилери регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.

ӨзА