Футбол бойынша Европа Чемпионлар Лигасының ярым финал жуўап ойынында “Интер” ҳәм “Милан” командалары 16-май, шийшемби күни өз-ара ойнады.
Ушырасыўдағы жалғыз гол 74-минутта “Интер” ҳүжимшиси Лаутаро Мартинес тәрепинен урылды.
Нәтийжеде “Интер” ҳәр еки ойында жеңиске ерисип, финал жолламасына ийе шықты. Дәслепки ойында “нераззури” 2:0 есабында утқан еди.
Симоне Инзагидиӊ шәкиртлери финалда “Манчестер Сити” — “Реал” жуплығының бири менен күш сынасады.
Азизбек Дабылов,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги