Өзбек футболының әпсаналары Биродар Абдураимов 80 жас ҳәм Игорь Шквиринниң 60 жас юбилейлерин белгилемекте. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманына муўапық, Биродр Абдураимов «Меҳнат шуҳрати», Игорь Шквирин «Дўстлик» орденлери менен сыйлықланды.

Өзбекстан футбол ассоциациясында Биродар Абдураимов ҳәм Игорь Шквиринниң юбилейи мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Одил Абдураҳмонов, ӨФА басшысы Абдусалом Азизов, жаслар сиясаты ҳәм спорт министри Адҳам Икромов, қоңсы мәмлекетлерден келген футбол ветеранлары, жақын ҳәм узақ өтмиштеги футболымыз жулдызлары қатнасты.

Футболымыз жанкүйерлерине мәмлекетлик сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.


Мәжилисте ҳәр еки футбол қәнигесиниң билим ҳәм тәжирийбеси мәмлекетимизде спортты раўажландырыў, өзбек футболы дәстүрлерин қәлиплестириў, оның халықаралық майдандағы абырайын жоқарылатыў бағдарындағы хызметлери, миллий сайланды командалар ушын талантлы футболшыларды таярлаў, жас әўладты Ўатанға мухаббат, садықлық руўхында тәрбиялаў, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға мүнәсип үлес қосып киятырғаны тән алынды.

Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршысы