Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы ўазыйпасын атқарыўшы Рита Консуэло Фатима Видал Брюсти қабыллады.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан Республикасының БМШ ҳәм оның қәнигелескен уйымлары менен бирге ислесиўиниң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.
Атап айтқанда, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, гендер теңликти тәмийинлеў, сондай-ақ, экологиялық машқалалар, соның ишинде, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў мәселелерине итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстанның регионаллық ҳәм глобал әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелерди шешиў бағдарындағы ҳәрекетлери, мәмлекет Президенти тәрепинен халықаралық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша алға қойылған басламалар БМШ тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.
Бул, өз гезегинде, усы абырайлы структура менен қатнасықлар турақлы екенин билдиреди.
Сенат Баслығы Өзбекстан БМШ ҳәм оның мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған қәнигелескен агентликлери ҳәм мәкемелери менен конструктивлик ҳәм исенимли бирге ислесиўдиң раўажланып баратырғаны, әсиресе, сиясий қарым-қатнастың жеделлескени, оны Президент Шавкат Мирзиёевтиң соңғы бес жыл даўамында БМШ Бас Ассамблеясының 72, 75 ҳәм 76-сессияларының улыўмалық додалаўларындағы қатнасынан да көриў мүмкин екенлигин атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен БМШ тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда пуқаралық жәмийети институтларының ролин арттырыў, ҳаял-қызлардың белсендилигин күшейтиў, сондай-ақ, жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде биргеликтеги ҳәрекетлерди беккемлеў әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм БМШ арасында нәтийжели бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарлары, соның ишинде, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша пикир алысылды.
Атап айтқанда, Парламент комиссиясы тәрепинен Турақлы раўажланыў тараўындағы Миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўы бойынша ҳүкиметтиң жумысы бойынша турақлы қадағалаў алып барылатуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, усы жылы Өзбекстан өзиниң екинши ықтыярлы миллий баянатын бериўи, оны таярлаў ҳәм парламентте өткерилетуғын додалаўлар ҳаққында пикир билдирилди.
Өз гезегинде, Консуэло Видал Брюс қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформаларды жоқары баҳалады.
Мәмлекетимиздиң БМШ пенен бирге ислесиўи жаңа басқышта раўажланып атырғанын атап өтип, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламенттиң орны әҳмийетли екенлигин ҳәм бул бағдарда турақлы сөйлесиўди жолға қойыў ҳәр тәреплеме нәтийжели екенин атап өтти.
Сондай-ақ,БМШ Өзбекстан ушын пайдалы болған бағдарлар бойынша жәрдем көрсетиўди даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.
Дослық руўхында өткен ушырасыў жуўмағында системалы пикирлесиўди даўам еттириў, турақлы раўажланыў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм хошаметлеў, улыўма бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған жойбарларды кеңейтиўге келисип алынды.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы