14-май күни Ташкент қаласында еки ҳәпте даўам еткен бокс бойынша жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти.

Дүньяның 107 мәмлекетинен 600 ден аслам боксшилер қатнасқан бул чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы ағзалары барлық  13 салмақ категориясы бойынша гүрес алып барды ҳәм жарыс жуўмағында улыўма командалық есапта 1-орынды ийелеўге миясар болды. Атап айтатуғын болсақ,  өзбекстанлы боксшилер 5 алтын, 2 гүмис ҳәм 2 қола медалларын қолға киргизиўге еристи. Сайланды команда боксшилеринен  51 кг салмақта  Ҳасанбой Дўстматов, 57 кг да Абдумалик Ҳалоков, 63,5 кг да Руслан Абдуллаев, 67 кг да  Асадхўжа Мўйдинхўжаев, +92 кг да Баҳодир Жалоловлар өзлерине билдирилген исенимди инабат пенен атқарып алтын медал ҳәм чемпионлық белбеўин қолға киргизген болса, 54 кг да Айбек Жўраев, 71 кг да Саиджамшид Жаъфаровлар гүмис, 75 кг да Аълохон Абдуллаев ҳәм -92 кг да  Лазизбек Муллажоновлар қола медалларын жеңип алды.

Улыўма командалық есапта 4 алтын ҳәм 1 гүмис медалын қолға киргизген Қазақстан сайланды командасы екинши, 2 алтын ҳәм 4 қола медалын ийелеген россиялы боксшилер үшинши орынға ылайық деп табылды.



Сондай-ақ, бул чемпионатта Куба ҳәм Франция сайланды командалары да алтын медалды қолға киргизиўге еристи.

13-май күни бокс бойынша жәҳән чемпионатын тамашалаў ҳәм жеңимпаз боксшилерди сыйлықлаўға Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев қатнасты ҳәм жәҳән чемпионлығын қолға киргизген боксшилерге алтын медал ҳәм чемпионлық белбеўин  тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы