Усы жыл 12-май күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде орынларда шөлкемлестирилип атырған «Дәстүрий түркий халықлар өнерментшилиги» атамасындағы форумлар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўинде «Бас кийимимиз – миллетимиз мақтанышы» атамасында мәдений-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Илажға Министрлер Кеңеси, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң ўәкиллери, «Өнермент» шөлкеминиң ағзалары, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң әмелий көркем өнер факультетиниң студентлери қатнасты.
Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтының директоры, тарийх илимлериниң докторы М.Қарлыбаев, «Өнермент» шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары С.Мадаминова, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң үшинши басқыш докторанты Д.Турениязова, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң хызметкери А.Пирниязова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, миллий бас кийимлеримизди ата-бабаларымыздан мийрас етип алғанымыздай, өз ҳалында сақлап келешек әўладқа мийрас етип қалдырыўдың әҳмийетин айрықша атап өтип, олар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Миллий кийимлер ҳаққында экспертлердиң шығыўлары ҳәм қарақалпақ бас кийими тақыя туўралы презентациялар өткерилди. Миллий кийимлеримизди орынсыз түрде ҳәр қыйлы нағыслар менен безей бериўге де болмайтуғынлығы атап өтилип, сын пикирлер билдирилди.
Атап айтқанда, тақыя, оның түрлери, ондағы нағыслар ҳәм олардың мәниси, ер адамлар менен ҳаял-қызлар кийетуғын тақыялардағы айырмашылықлар туўралы көргизбели қураллар, мысаллар арқалы түсиниклер берилди.
– Тақыя – кестеленип нағыс салынған ямаса ҳәр қыйлы таўарлардан тигилген бас кийим болып есапланады,-дейди Д.Турениязова. – Тақыялар маржан тақыя, гүмис тақыя, пөпекли тақыя, кестели тақыя, мақпал тақыя, өрмек жәрдеминде тоқылған, гезлемеден тигилген тақыя сыяқлы түрлерге бөлинеди.
Маржан тақыя ҳәр қыйлы маржан таслар менен безеледи. Ал, гүмис тақыя (төбелик) ҳаял қызлардың ҳасыл таслар ҳәм моншақлар менен безеп исленген бас кийими болып есапланады. Кестели тақыя – кестеленип тигиледи, ал мақпал тақыя мақпал таўардан тигиледи.
Тақыялар ғыжым, мақбал, адрас, шиймақпаллардан тигилип, шетине қызыл жипек сабақлардан пөпекшелер қойылған. Қызлардың тақыясы кестеленген. Турмысқа шықпаған қызлар тақыясындағы пөпегин шеп тәрепине, турмысқа шыққан жас келиншеклер пөпегин оңға қаратып, орайпегиниң астынан кийген.
Илаж қатнасыўшылары миллий мийрасымызды өз ҳалында сақлап қалыў ҳәм келешек әўладқа мийрас етип қалдырыў бойынша пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги