Усы жыл 12-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, “Шуҳрат” медалы ийеси  Арзыгүл Атамуратова туўылғанының 100 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев белгили қосықшының қарақалпақ кѳркем ѳнери ҳәм мәдениятын, әсиресе, қосықшылық кѳркем өнерин раўажландырыўға қосқан мийнетине тоқтап өтти.

Буннан кейин кәсиплеслери, шәкиртлери, туўған-туўысқанлары шығып сөйлеп, Арзыгүл Атамуратованың иләҳий таланты, жоқары адамгершилиги, көп қырлы дөретиўшилиги менен устазлық пазыйлетлерине тоқтап өтти ҳәм шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди.



Атап өтилгениндей, қарақалпақ кѳркем ѳнери ҳәм мәденияты, әсиресе, қосықшылық кѳркем ѳнериниң  раўажланыўында, оның бүгингидей дәрежеге жетисиўинде уллы устазларымыздың, пидайы кѳркем ѳнер шеберлериниң орны айрықша. Солардың бири белгили қосықшы ҳәм актриса  Арзыгүл Атамуратова еди.

Ол 1923-жылы Әмиўдәрья районында туўылды. Тәбият инәм еткен таланты арқасында жаслайынан елге хош ҳаўаз қыз сыпатында танылды. 1944-жылы ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жанынан ашылған Али Ардобус басшылыгындагы  балет курсын тамамлап, 1953-жылға шекем усы театрда актриса болып табыслы иследи. Ол театр сахнасында “Сүймегенге сүйкенбе” де Айсәнем, “Айгүл-Абат” та Айгүл, “Бердақ” музыкалы драмасында Ҳүрлиман, “Алтын кѳл” де Шоҳиста сыяқлы образларды дѳретти.

Атақлы кѳркем ѳнер шеберлери болған Айымхан Шамуратова, Тохта Рахманова, Фатима Бекполатова, Гүлхан Шеразиевалардың шәкирти болған Арзыгүл Атамуратова 1959-жылдан сол ўақыттағы Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясында, соңынан Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы жанындағы ансамбльде жеке қосықшы  болып ислеп, жемисли дѳретиўшилик етти.

Оның бийтәкирар, ѳзине тән жағымлы ҳаўазы менен атқарған “Дембермес”, “Ешбай”, “Жети асырым”, “Бес перде”, “Бәҳәр сүйген яр”, “Бүгин бахыт бағындамыз”, “Таң самаллары”, “Нѳкис гүллери”, “Бағман қыз” сыяқлы 150 ден аслам қосығы бүгинги күни де халқымызға руўхый азық бағышлап, қосықшылық кѳркем ѳнеримиздиң алтын фондын байытып келмекте.

Арзыгүл Атамуратова халқымыздың миллий қосық ҳәм намаларын кәмине келтирип атқаратуғын кѳплеген шәкиртлер таярлаў менен бирге түрли жылларда Ташкент қаласы, Латвия, Литва, Москва, Эстония ҳәм қоңсылас республикаларда ѳткерилген Қарақалпақ мәденияты ҳәм әдебияты күнлериниң белсенди қатнасыўшысы, қарақалпақ қосықшылық көркем ѳнериниң үгит-нәсиятшысы, оны келешек әўладқа минсиз жеткериўде аянбай мийнет еткен, халқымыздың жанкүйер перзентлериниң бири сыпатында ядымызда қалады.

Ѳзиниң елиў жылдан аслам ѳмирин қарақалпақ мәденияты менен кѳркем ѳнерин раўажландырыўға бағышлаған бийтәкирар талант ийеси, халқымыздың қулағының қуршын қандырған хош ҳаўаз бүлбилиниң машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен баҳаланып, 1963-жылы “Қарақалпақстан Республикасы халық артисти”, 1969-жылы “Ѳзбекстан Рсепубликасы халық артисти” ҳүрметли атақлары ҳәм “Шуҳрат” медалы менен сыйлықланады.

Быйыл туўылғанына 100 жыл толып атырған атақлы сахна шебери, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Арзыгүл Атамуратованы 2017-жылы 16-май күни 95 жасында сум әжел арамыздан алып кетти. Оның жаркын келбети ҳәм атқарыўындағы қосықлары бизиң арамызда мәңгиге жасап қалды. Оның жолын бүгин ѳзлери де уллы устаз дәрежесине жеткен Бийбираба Ѳтепбергенова, Базаргүл Кәримова, Ханзада Палўанова, Гүлхатиша Айымбетова, Жәмийла Бекбергенова сыяқлы кѳплеген шәкиртлери даўам етип, халқымызға минсиз хызмет етип келмекте.

Еслеў кешеси ўақтында А.Атамуратова тәрепинен атқарылған қосықлардан дүзилген концерт бағдарламасы менен даўам етти.












Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақтан хабар агентлигиниң шолыўшысы