Бүгин Ташкент қаласында өткерилип атырған  бокс бойынша жәҳән чемпионатында ярым финал беллесиўлери болып өтпекте.

Онда 54 ҳәм 67 кг салмақ категорияларында қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасының ағзалары Айбек Жўраев ҳәм Асадхўжа Мўйдинхўжаевлар россиялы Дмитрий Двали ҳәм монголиялы Мишеелт Баттумурганы жеңип шығып,  финал жолламасын қолға киргизиўге миясар болды. 

Ал, 75 кг салмақта бразилиялы Вандерлей Перейраға қарсы беллесиўге түскен Аълохон Абдуллаев болса, үш раунд нәтийжесине бола,  1:4 есабында жеңилип қалды ҳәм чемпионаттың қола медалы менен шеклениўге мәжбүр болды.

Сондай-ақ, бүгин 92 кг салмақта Лазизбек Муллажонов россиялы Муслим Гажимагомедов пенен, 51 кг да Ҳасанбой Дўстматов испаниялы Мартин Молина менен, 57 кг да Абдумалик Ҳалоков қырғызстанлы Мунарбек Сеитбек Уулу менен, 63,5 кг да Руслан Абдуллаев армениялы Хованец Бачков пенен, 71 кг да Саиджамшид Жаъфаров бразилиялы Вандерсон Де Оливейра менен финал жолламасы ушын рингке шығады.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы