Тахтакөпир районындағы «Дәўқара» стадионында ҳаял-қызлар арасында киши футбол бойынша Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогиниң районлық басқышы өткерилди.

Онда Дәўқара, Айдын жол, Қоңыраткөл, Дәўир, Ғәрезсизлик, Қараой ҳәм Белтаў аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары жасларынан дүзилген командалар өз-ара күш сынасты.



Жарыс жуўмағында, 1-орынды Дәўир мәкан пуқаралар жыйыны футболшылары ийелеген болса, 2-орын Қоңыраткөл, 3-орын Дәўқара аўыл пуқаралар жыйыны жасларына несип етти.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы