Усы жылдың 12-май күни Ташкент қаласында Өзбекстан «Адолат» СДП Сиясий Кеңесиниң гезексиз Пленумы өткерилди.
Онда партия Сиясий Кеңеси ҳәм Атқарыў комитетиниң ағзалары, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, сенаторлар, жергиликли Кеңес депутатлары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Бизге белгили, 2023-жыл 9-июль күни мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў белгиленди.
Орайлық сайлаў комиссиясының усы жылы 10-май күниндеги қарары менен мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы кампаниясы басланғанлығы жәрияланды.
Усы мүнәсибет пенен бул Пленум мәжилиси мүддетинен алдын болып өтетуғын Президент сайлаўында Өзбекстан «Адалат» СДПның қатнасыўы, партиядан Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилетуғын болажақ талабан бойынша усыныслары ҳәм партияның гезексиз X8 Қурылтайын шақырыў ўақыты ҳәм күн тәртиби ҳаққындағы әҳмийетли мәселелер бойынша мәсләҳәтлесиў, тийисли ўазыйпаларды белгилеп алыўға бағышланды.
Мәмлекетимизде әҳмийетли сиясий процесс – Президентлик сайлаўы жаңа сиясий-ҳуқықый майдан, атап айтқанда, жаңаланған Конституция нормалары тийкарында жаңаша руўх, жаңаша шараятта өтиўи күтилмекте.
Пленумда баянатшылар тәрепинен сайлаўда мүнәсип қатнасыў ушын партияның потенциалы жетерли екенлиги, гезектеги бас ўазыйпа сайлаў процесслеринде жаратылған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланыў, партиядан Президентликке мүнәсип талабанды көрсетиў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Пленумда Өзбекстан «Адолат» СДПдан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан етип Махмудова Робахан Анваровнаны көрсетиў мәселесин партияның гезектеги Қурылтайының додалаўына киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.
Талабан бойынша сөзге шыққанлар, Робахан Анваровна ҳуқықтаныўшы сыпатында турмысы ҳәм мийнет жолы даўамында әдилликти қәлиплестириў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге қаратылғанлығы, жоқары адамгершилик пазыйлетлери, ўатансүйгишлиги, оның Өзбекстан Республикасы Президентлигине болажақ талабан сыпатында дурыс таңланғанлығын атап өтти.
Партия жуўапкерлери Орайлық сайлаў комиссиясына «Адолат» СДПның сайлаўда қатнасыўы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентлигине болажақ талабан ҳаққындағы ҳүжжетлер белгиленген тәртипте усынылатуғыны атап өтилди.
Пленумда Өзбекстан «Адолат» СДПның гезексиз XI Қурылтайын шақырыў ўақыты, орны ҳәм күн тәртиби ҳаққында келисип алынды.
Пленум күн тәртибиндеги барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Маҳмудова Робахан Анваровнаның
Өмир баяны
Маҳмудова Робахан Анваровна 1958-жылы 9-ноябрьде Ферғана ўәлаятының Ферғана районында зиялылар шаңарағында туўылған. Миллети – өзбек. Жоқары мағлыўматлы, 1983-жылы Ташкент мәмлекетлик университетиниң «Ҳуқықтаныўшылық» факультетин тамамлаған.
Мийнет жолын 1976-жылдан Ферғана ўәлаятлық судының хаткери ўазыйпасынан баслап, 1979-1983-жыллары Ферғана қалалық 1-санлы Мәмлекетлик нотариал уйымының нотариусы, 1983-1987-жыллары Ферғана ўәлаяты Әдиллик басқармасы баслығының орынбасары, 1987-1990-жыллары Ферғана ўәлаятлық партия комитетиниң инструкторы, 1990-1999-жыллары Ферғана ўәлаятлық Әдиллик басқармасы баслығының биринши орынбасары, 1999-2001-жыллары Ферғана ўәлаятлық судының судьясы, 2001-2004-жыллары Ферғана қалалық судының баслығы, 2004-2008-жыллары Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы, 2008-2013-жыллары Ферғана ўәлаятлық судының баслығы, 2013-2017-жыллары Ферғана юридикалық колледжиниң оқытыўшысы ўазыйпаларында ислеген.
2017-2020-жыллары Ферғана ўәлаяты Халық қабыллаўханасының баслығы, 2020-жыл январь айынан Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң баслығы лаўазымларында жумыс алып барған.
2020-жыл 13-июльден ҳәзирги күнге шекем Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының биринши орынбасары – ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы лаўазымында ислеп келмекте.
Р.А.Маҳмудова мийнет жолы даўамында мәмлекетимизде әдил судлаўды әмелге асырыў, суд системасын реформалаў, судлардың еркинлигин тәмийинлеўге байланыслы реформалардың интакери ҳәм атқарыўшысы болып есапланады. Сондай-ақ, жынайый жазаларды жеңиллестириў, жаза тайынлаўда әдилликти тәмийинлеўге байланыслы бир қатар Жоқары суд Пленумы қарарларының авторы.
Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, бул бағдарда нызамшылықты жетилистириў, ҳәкимшилик судларды раўажландырыў ҳәм суд корпусын маман қәнигелер менен толықтырыў бойынша салмақлы жумысларды әмелге асырған.
Р.А.Маҳмудованың ҳәзирги күнге шекем 140 тан аслам илимий ҳәм ғалабалық мақалалары басып шығарылған. Сондай-ақ, ол судьялар ушын 10 ға шамалас методикалық қолланбалардың авторы болып есапланады.
2020-жылы «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен сыйлықланған. Биринши маманлық дәрежели судья, жынаят ҳәм ҳәкимшилик ҳуқық бойынша тәжирийбели қәниге болып есапланады.
Р.А.Маҳмудова шаңарақлы, еки перзенти бар.
ӨзА