Беруний районында ҳаял-қызлар арасында  «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги»  ушын  футбол бойынша  жарыс болып өтти.

Жарыс жуўмағында биринши орынды  2-сектор командасы ийелеп, кубоктиң республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ал,  екинши орын 4-сектор командасына,  үшинши орын болса,  1-сектор аймағынан дүзилген футбол командасына несип етти.


Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы