Усы жылдың 4-9-май күнлери аралығында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында ХХХ Өзбекстан чемпионатының төртинши тур ойынлары болып өтти.

Жарыста Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасқан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ҳаял-қызлар командасы жоқары нәтийжелерге еристи.

Өткерилген төртинши тур ойынлары даўамында спорт ветераны Азат Казаков басшылығындағы волейболшы қызларымыз «Зарбдор», «Тумарис», «Хорезм» командаларына ҳеш қандай имканият қалдырмай 3:0 есабында жеңген болса, әзелий қарсыласлары Наманган мәмлекетлик университети ҳәм Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық университетлери командаларын 3:2 есабында жеңип шықты.


Солай етип, өткерилген тур жуўмақлары бойынша НМПИ командасы 1-орынды ийелеп турыпты. Келеси тур жарыслары усы жылдың июнь айында Ташкент қаласында болып өтеди.

Және бир әҳмийетли тәрепи, НМПИ командасы ағзалары Н.Рейимбаева, Г.Нуранова, Г.Қулымбетова ҳәм А.Жолдасбаевалар Өзбекстан сайланды командасы бас тренери Азат Казаковтың басшылығында усы жылдың 20-31-май күнлери Непал мәмлекетинде болып өтетуғын Азия Челлендж Кубоги жарысында қатнасады.

Биз командамыз ағзаларына алдағы жарысларда әўмет тилеймиз!

Қарақалпақстан хабар агентлиги