Нөкис қаласындағы республика ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебинде гандбол бойынша ер балалар арасында Өзбекстан кубоги жарысы жуўмақланды.
Жарыстың шешиўши ойынында Алмалық кән металлургия комбинаты (АКМК) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы командалары ушырасты. Қарсыласларына қарағанда бираз тәжирийбеге ийе болған АКМК командасы 40:26 есабында жеңиске ерисип, Өзбекстан кубоги жеңимпазы болды. Үшинши орынды Хорезм ўәлаяты командасы ийеледи.
Жарыстың сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы А.Алланазаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, командаларды қолға киргизген жеңиси менен қутлықлады. Оларға алдағы болатуғын жарысларда да жақсы нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдирди.
Сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, кубок ҳәм медальлар тапсырылды.
Қарақалпақтан хабар агентлиги
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери