Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 1-апрельдеги «Суў ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәнисин суўдан пайдаланыўшыларға түсиндириў мақсетинде Елликқала районындағы «Елликқала сорт сынаў участкасы» фермер хожалығында көргизбели семинар өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, район ҳәкимлиги, аўыл ҳәм суў хожалығы жуўапкерлери, сектор басшылары, кластерлер менен фермер хожалықларының басшылары, қурылыс шөлкемлериниң ўәкиллери қатнасты.
Онда тийисли қарарларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм ҳәзирги күнлерде суў хожалығы саласындағы әҳмийетли ўазыйпалар, атап айтқанда, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў жумысларын жеделлестириў бойынша мәселелер сөз етилди.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, соның менен бирге, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.
Илажда әмелдеги суўғарыў мәўсиминде суўдың аз болыўы күтилип атырғаны атап өтилди. Болжаў мағлыўматларына қарағанда, 2023-жылғы вегетациялық дәўирде суў ресурсларының көлеми көп жыллық нормаға салыстырғанда Әмиўдәрья бассейнинде 15-20 процентке шекем аз болыўы күтилип атыр. Сонлықтан, семинарда суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў бойынша суў қарыйдарларына айрықша көрсетпелер берилди.
– Қәнигелердиң билдириўинше, ҳәзирги ўақытта Түйемойын суў сақлағышына өткен жылға салыстырғанда секундына 400 метр куб суў аз келип атыр,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хаткери F.Атажанов.
Бүгинги күнде 2 миллиард 600 миллион метр куб суў резерви топланған болып, бул өткен жылға салыстырғанда 300 миллион метр кубқа көп екенлигин аңлатады. Бирақ, жағдай усылай даўам етсе, суў сақлағыштағы суў резерви ҳәзирги күнде суў қарыйдарларының суўға болған талабының барған сайын артыўына қарай 15-20 күнге жетиўи мүмкин. Сол себепли орынларда өткерилип атырған усы мазмундағы семинарларда әмелдеги суў ресурсларын қатаң бөлистирилген ҳалда пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди кеңейтиў, ирригация системаларында суўдың ысырапхоршылығын азайтыў бойынша көрсетпелер менен усыныслар берилмекте.
Семинарда пахта майданларына суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў жумыслары төмен екенлигин атап өтилип, сын пикирлер билдирилди ҳәм бул бойынша асығыс илажларды әмелге асырыў белгилеп алынды.
Соның менен бирге, суў қарыйдарларына көрсетилген хызметлер ушын «Арнаўлы хызмет»ке тийисли ақшаларды ўақтында ажыратыў ҳәм суўдың есабын дурыс жүргизиў бойынша кемшиликлерге жол қойылып атырғаны да айтылып, суў қарыйдарларына тийисли көрсетпелер берилди.
Усы бағдардағы көргизбели семинарлар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған график тийкарында барлық районларда өткерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги