Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасыныӊ мағлыўматларына қарағанда, 2023-жылдың 1-апрель жағдайына, Қарақалпақстан Республикасында қуслардың улыўма бас саны – 4732,4 мыңға жетти. 2022-жылдың 1-апрель жағдайына салыстырғанда, барлық түрдеги хожалықларда қуслардыӊ бас саны – 88,6 мыңға (98,2 %) азайды.

2023-жылдың 1-апрель жағдайына қарағанда, қуслардыӊ бас саны ҳаққындағы мағлыўматлар хожалық түрлери бойынша талланғанда, жәми қуслардың 84,2 %и дийқан (жеке жәрдемши) хожалықларына туўра келетуғыны бақланды.

 

Ақсынгүл Орақбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги