Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының  мағлыўматларына көре, 2023- жылдың 1- апрель  жағдайына көре, қой ҳәм ешкилердиң улыўма бас саны 1179,3 мыңға жетти. Бул жағдай 2022- жылдың 1- апрель  жағдайына салыстырғанда, барлық түрдеги хожалықларда қой ҳәм ешкилердиң  бас саны – 15,2 мыңға (1,3 %) көбегенлигин көрсетеди.

2023- жылдың 1- апрель жағдайына бола, қой ҳәм ешкилердиң бас саны хаққындағы мағлыўматлар хожалық түрлери бойынша анализленгенде, улыўма қой ҳәм ешкилердиң 86,3 % ти  дийқан (жеке жәрдемши) хожалықларына туўра келгенлиги анықланды.

 

Фарида Муслатдинова,

КМУ дың интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қаракалпақстан хабар агентлиги