Усы жылдың 5-9-май күнлери аралығында Ташкент қаласында Француз бокси «Savat» бойынша IV Азия чемпионаты ҳәм II Азия ашық кубоги жарыслары болып ѳтти.

Жарысқа Бозатаў районы спорт мектеби тәрбияланыўшылары да қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бѳлимине қараслы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары Гүлнара Омарова француз бокси «Savat»тың «Asso» бағдары бойынша IV Азия чемпионатында қола медалын, II Азия ашық кубогинде гүмис медалды жеңип алған болса, Жазийра Назарбаева IV Азия чемпионатында 3-орынды ийелеўге миясар болып, өз устазларын қуўанышқа бөледи.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы