Алдын хабар бергенимиздей Нөкис қаласында ерлер арасында волейбол бойынша ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында ХХХI Өзбекстан чемпионатының гезектеги тур ойынлары болып өтпекте.

Ҳаял-қызлар арасында өткерилип атырған чемпионатта тәжирийбели тренер Азат Казаков басшылығындағы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командасы кешеги турда чемпионаттағы тийкарғы қарсыласы Наманган мәмлекетлик университети командасын 3-2 есабында жеңип шығыўға еристи.

Ал, Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институты командасы болса, усы ўәлаятттың және бир командасы «Зарбдор»ды, Хорезмниң «Хорезм» командасы Ферғана ўәлаятының «Тумарис» командасын 3-0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ерлер арасында жарыста болса,  Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық университети командасын АТМКдан, Уз.Фин.ПИ Парвоздан 0-3, Бухара мәмлекетлик университети Ўзтелекомнан 2-3 есабында жеңилип қалды.

Чемпионат ойынлары даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы