Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң басламасында 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен «Жаңа рекордларға қарай!» сүрени астында жуўырыў ҳәм велоспорт марафоны өткерилди.

Усы спорт түрлерине қызығыўшы жаслар, ҳәўескерлер қатнасқан марафон Шымбай гүзары ҳәм А.Досназаров көшелериниң кесилиспесинде басланып, И.Кәримов гүзарында флагштоктың тусына шекем 3 километр аралықта болып өтти.

Жуўырыў марафонында ер балалар арасында Р.Искендеров, ҳаял-қызлар арасында Г.Қурбанбаева, ал, веломарафонда ер балалар арасында А.Гүлимбетов, қызлар арасында Ж.Зарымбетовалар биринши орынды ийеледи.




Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги