Бозатаў районы спорт мектебинде спорттың белден алыў ҳәм үш гүрес түри бойынша жаслар ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Усы жылдың 2-7-май күнлери аралығында Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген чемпионатта барлық ўәлаятлардан, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласынан келген 500 ге шамалас қәбилетли жаслар жеңис ушын өз имканиятларын сынақтан өткерди.

Жарыста дәслеп гүрестиң белден алыўдың шалыўсыз түринен 16 салмақ категориясы бойынша, белден алыўдың шалыў түринен ер балалар 15 салмақ категориясы бойынша, ҳаял-қызлар 4 салмақ категориясы бойынша, белбеўли гүресте 17 cалмақ категориясы бойынша ҳәм үш гүрес түри бойынша 10 салмақ категориясы бойынша спортшылар Өзбекстан чемпионы болыў ушын гилемге түсти.


Қызғын гүреслерге бай болған беллесиў жуўмағында ер балалар ҳәм ҳаял-қызлар арасында ҳәр бир салмақ категориясы бойынша жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.




– Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген «Этноспорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарар қәдириятларымыздың дүньяға танылыўы, қәдирлениўи жолында әҳмийетли ҳүжжет болды, -дейди бас төреши А.Дәўлетбаев. – Президентимиздиң бул қарары миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларын мәңгилестириўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги