Нөкис қаласындағы республика ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика  бойынша қәнигелестирилген спорт мектебинде гандбол бойынша ер балалар арасында Өзбекстан кубоги жарысы болып өтпекте.

 Жарыстың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы А.Алланазаров, Өзбекстан гандбол федерациясының бас хаткери  И.Матхаликов,  республика ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика  бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң директоры Д.Қалхоразов ҳәм басқалар сөзге шығып, мәмлекетимизде спортты, соның ишинде, гандболды раўажландырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.




Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде барлық спорт түрлери сыяқлы гандбол да ғалаба ен жайып, усы спорт түри менен шуғылланыўшы жаслардың қатары көбейип бармақта. Усының нәтийжесинде мәмлекетимиз спортшылары халықаралық жарысларда мүнәсип қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Жарыстың дәслепки күни  Алмалық кән металлургия комбинаты (АКМК),  Хорезм ўәлаяты ҳәм республикамыздың командалары жеңиске еристи.















Өзбекстан кубогиниң жеңимпазы 11 май күни анықланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери