Әмиўдәрья районындағы Холимбег аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Зафарбек Шерметов» фермер хожалығында картошка егисин сапалы өткериўге бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Оған райондағы секторлардың басшылары, фермерлар ҳәм қыйтақ жер ийелери қатнасты.

Семинарда район ҳәкими С.Йўлдашев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Д.Қайповлар шығып сөйлеп,  азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша елимизде алып барылып атырған сиясат, соның ишинде, картошка жетистириў бойынша исленип атырған жумысларды кең түрде айтып өтти. Соның менен бирге, районда картошка егисин сапалы өткериў бойынша ислениўи тийис агротехникалық илажлар ҳаққында да илаж қатнасыўшыларына кеңнен түсиниклер берилди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бурын Әмиўдәрья районында 300 гектар картошка туқымы жетистирилип киятырған болса, быйылғы жылы 1500 гектар жерде картошка жетистириў белгиленген.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы