Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, 2023-жылдың январь-март айларында дəслепки ислеп шығарылған аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өнимлериниң улыўма көлеми 1338,1 млрд. сумды ямаса 2022-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 102,4 процентти қураған. Соның ишинде, дийқаншылық ҳәм шарўашылық, аңшылық ҳәм усы тараўларда көрсетилген хызметлердиң көлеми 1205,1 млрд. сумды (102,4%), тоғай хожалықларында 118,5 млрд. сумды (102,2%), балықшылық хожалықларында 14,5 млрд. сумды (107,6%) қураған.

Өзбекстан Республикасы аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы қурамында Қарақалпақстан Республикасының үлеси 3,3 процентти қурайды.

– Соннан, дийқаншылық тараўы бойынша айтатуғын болсақ, 2023-жылдың январь-март айларында жетистирилген дийқаншылық өнимлериниң көлеми 103,5 млрд. сумды ямаса 2022-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 95,7 процентти қурады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы аўыл хожалығы ҳәм экология статистикасы бөлиминиң баслығы Нурислам Мадреймов.

Ислеп шығарылған аўыл хожалығы өнимлериниң улыўма көлеминде дийқаншылық өнимлериниң үлеси 8,8 процентти қурады.

Быйылғы жылдың үш айы даўамында барлық түрдеги хожалықлар тәрепинен 247 тонна овощ жетистирилди.

Ал, усы дәўирде шарўашылық өнимлериниң өндирислик көлеми 1077,5 млрд. сумды ямаса 2022-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 102,9 процентти, ислеп шығарылған аўыл хожалығы өнимлериниң улыўма көлеминде шарўашылық өнимлериниң үлеси 91,2 процентти қурады.

2023-жылдың 1-апрель жағдайына қарамаллардың улыўма бас саны 1 млн. 184,0 мың басқа жетип, 2,0 процентке, соннан сыйырлардың улыўма бас саны 342,4 мың басқа жетип, 2,3 процентке, қой ҳәм ешкилердиң улыўма бас саны 1 млн. 179,3 мың басқа жетип, 1,3 процентке көбейди. Қуслардың улыўма бас саны 4 млн. 732,4 мыңға жетти.

Январь-март айларында барлық түрдеги хожалықлар тәрепинен гөш (тири салмақта) жетистириў 16,4 мың тоннаға жетип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3,0 процентке көбейди. Соның менен бирге, 53,7 мың тонна сүт өними (3,5 % ке көп), 81,1 млн. дана мәйек (1,0 % ке көп), 22,8 мың дана қаракөл тери (90,9 %) жетистирилди ҳәм 766,3 тонна балық (18,4 % ке көп) аўланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги