Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында  “Референдум 2023” сиясий илаж мүнәсибети менен волейбол бойынша “Директор кубоги” жарысы шөлкемлестирилди.

Жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде атап өтилгениндей, мәмлекетимизде жаслар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларды бәркамал әўлад етип тәрбиялаў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Филиалда да  бул бағдарда нәтийжели жумыслар алып барылып, спорт тараўында жақсы нәтийжелерге ерисип киятырған студентлердиң қатары жылдан-жылға артып бармақта. Атап айтқанда, усы жылдың  12-16 апрель күнлери аралығанда Қазақстанның Чимкент қаласында болып өткен өзбек жекпе-жек урысы бойынша болып өткен жәҳән кубоги жарысында 2 курс студенти К.Серимбетова  екинши орынды ийелеп, гүмис медаль менен сыйлықланды.

Жарыс жуўмағы бойынша сыйлы биринши орынды Ветеринария  медицинасы бағдарының 1-курс 101-топары жаслары ийеледи. Екинши орынды Ветеринария медицинасы бағдарының  3-басқыш 303-топары командасы ийелеген болса, үшинши орын усы бағдардың  3-курс 304-топары студентлерине несип етти.

Сыйлы орын ийелерине диплом ҳәм баҳалы саўғалар, жеңимпаз командаға болса “Директор кубоги” салтанатлы жағдайда тапсырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги